Ўатан муқаддес, оны қорғаў ең жоқары миннет

250

Шегарашы өзине жүкленген жаўынгерлик хызмет ўазыйпаларын орынлап атырып, бир секунд та сергекликти умытпайды. Себеби, бул жуўапкершиликтиң артында ата-аналары, дос-яранлары бар екенлигин, ўатан кеңликлериндеги тыныш турмыс шегарадан басланатуғынын жақсы биледи. Елимиздиң түрли аймақларында өзине бекитилген хызмет ўазыйпасын мақтаныш пенен алып барар екен, олар бийғәрез елимиздиң ҳәр бир қарыс жерин көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлайды.

Ўатан босағадан басланады, дейди халқымыз. Ал, мәмлекет шегарасындағы арнаўлы қадағалаў өткериў пунктлери – мәмлекетимиздиң дәрўазасы болып есапланады.

Шегара қадағалаўы арқалы әскерий хызметкерлер пидайылығы, мәртлиги, сергеклиги менен мәмлекетлик шегаралардан нәшебентлик затлар, товар-материаллық байлықлардың нызамсыз түрде алып өтилиўиниң алдын алып, еркинлигимизге көлеңке салатуғын сыртқы күшлерден қорғап келмекте.

Ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қорғаў бағдарында кең көлемли жумыслардың алып барылып атырғаны да айрықша мақтаўға ылайық.

Мине, усындай ийгиликли ислердиң бири шегарашыларымызға хызмет турақ жайларының тапсырылыўы болды.

Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы мүнәсибети менен Қоңырат районындағы “Қарақалпақстан” елатлы пунктинде жайласқан әскерий бөлимлердиң биринде хызмет ўазыйпасын мәрдана атқарып атырған әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын мөлшерленген хызмет турақ жайларының гилтлерин өз ийелерине салтанатлы тапсырыў мәресими болып өтти.

Байрам илажына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси,  район белсендилери ҳәм Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери сәркардалығының жуўапкер офицерлери қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер, соңғы жыллары ел қорғаўшылары ушын мүнәсип хызмет ҳәм турмыс шараятларын жаратыўға үлкен итибар қаратылып атырғанын, бул қурып пайдаланыўға тапсырылып атырған ықшам турақ жайлар да әне, усы жоқары итибардың үлгиси екенин айрықша атап өтти.

Байрам қутлықлаўынан соң интизарлық пенен күтилген ўақытларға гезек келип, жайлардың гилтлери өз ийелерине тапсырылды.


Әскерий байрам кийимлеринде сап тартқан, жүзинде қуўаныш сәўлеленген әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын заманагөй жойбарларға тийкарланып қурылған бул 48 квартиралы саўлатлы имарат ықшам ҳәм барлық  заманагөй  қолайлықларға ийе. Сондай-ақ, илажда әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларының бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде толық үскенеленген тигиўшилик цехы да пайдаланыўға тапсырылды.

Әлбетте, бундай қолайлықлардың жаратылыўы, шегараларымызды қорғаўшылардың өз шаңарағынан қәтержам болып, өзине жүкленген жаўынгерлик-хызмет ўазыйпаларын және де жуўапкершилик пенен орынлаўында үлкен әҳмийетке ийе.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги