Мәмлекетлик сатып алыўлар электрон системасы операторлары ҳаққындағы реже тастыйықланды

158

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Мәмлекетлик сатып алыўларда мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланыўды кеңейтиў ҳәм мәмлекетлик сатып алыўлар электрон системасы операторларының жумысын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Мәмлекетлик сатып алыўлар электрон системасы операторлары ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде:

мәмлекетлик сатып алыўлар электрон системасын шөлкемлестириў тәртиби;

мәмлекетлик сатып алыўлар субъектлерин мәмлекетлик сатып алыўлардың электрон системасында дизимнен өткериў қағыйдалары;

мәмлекетлик сатып алыўлар электрон системасы операторлары тәрепинен нызамшылық талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў ҳәм дәслепки қадағалаўдан өткериў тәртиби белгилеп берилген.

2025-жыл 15-августтан баслап:

ең жақсы усынысларды таңлаў ҳәм тендер нәтийжелери бойынша шәртнамалар мәмлекетлик сатып алыўлардың электрон системасында автомат түрде қәлиплеседи, физикалық тәреплер менен дүзилетуғын пуқаралық-ҳуқықый характердеги шәртнамалар буған кирмейди;

мәмлекетлик сатып алыўларда электрон санлы қолтаңбалардан пайдаланған ҳалда тиккелей шәртнамалар электрон формада дүзиледи, сырт ел жеткерип бериўшилери менен дүзилетуғын шәртнамалар буған кирмейди;

арнаўлы мәлимлеме порталында мәмлекетлик сатып алыўларға байланыслы пикирлер, усыныслар ҳәм шағымларды қалдырыў ушын қайта байланыс тәртиби енгизиледи;

жәмийетшиликтиӊ додалаўына жайластырылған протоколлар ҳәм дүзилетуғын шәртнамалар бойынша келип түскен наразылықлар бойынша мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен оларды көрип шығыў нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматлар (тийисли қарары) мәмлекетлик сатып алыўлар тараўында қадағалаўшы уйымлар ушын ашылған жеке кабинетлерде сәўлелендириледи.

Қарарға бола:

мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыўда сатып алыў ҳүжжетлерин ҳәм техникалық тапсырмаларды, шәртнамалар, импорт контрактлары ҳәм оларға қосымша келисимлер жойбарларын комплексли экспертизадан өткермеў мақсетинде мәмлекетлик сатып алыўлардың көлемин бөлеклерге бөлип жибериўге жол қойылмайды;

мәмлекетлик сатып алыўларға байланыслы сатып алыў ҳүжжетлеринде қатнасыўшылардың усынысларын баҳалаў нормаларын қолланыў тәртиби мәжбүрий көрсетиледи;

мәмлекетлик буйыртпашылар тәрепинен жәмийетлик додалаўда келип түскен ҳәр бир усыныс ҳәм наразылықлардың олар бойынша анық ҳәм тийкарланған түсиниклерин көрсеткен ҳалда көрип шығылыўы тәмийинленеди;

бюджет системасы бюджетлери есабынан мобиль телефонлар ҳәм алкоголь өнимлери Министрлер Кабинети менен келисилген ҳалда сатып алынады;

операторлар тәрепинен әмелде белгиленген сатып алыў тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыў менен байланыслы хызметлер ушын комиссия жыйымы келисимниң ҳақыйқый суммасынан 0,15 проценттен аспаған ҳалда, бирақ бул жыйымлардың шекленген муғдарлары мәмлекетлик буйыртпашылар ушын базалық есаплаў муғдарының 3 процентинен көп болмаған ҳәм сатып алыў тәртип-қағыйдалары қатнасыўшылары ушын базалық есаплаў муғдарының 14 есесинен көп болмаған муғдарларда өндириледи;

егер донор мәмлекетлердиң, халықаралық шөлкемлердиң, сырт ел ҳүкиметлик ҳәм ҳүкиметлик емес шөлкемлериниң тәртип-қағыйдаларында ямаса Өзбекстан Республикасына берилетуғын сырт ел кредитлери ҳәм грантларын, техникалық жәрдемди ҳәм басқа да сыртқы бийғәрез жәрдемди усыныў шәртлеринде товарларды (жумысларды, хызметлерди) сатып алыўдың басқаша тәртиби белгиленгенде, операторлар тәрепинен өз системаларында усы тәртип бойынша сатып алыўларды әмелге асырыў имканияты жаратылады.

ӨзА