Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўдеги нәтийжели басламалар

378

Мүнәсибет

Усы жылдың 8-август сәнесинде Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында видеоселектор түринде өткерилген мәжилис жоқары оқыў орынларының басшылары ҳәм гүллән жасларымыздың келешеги  ушын оғада әҳмийетли басламаларға бай болды.

Себеби, мәжилисте бүгинги күндеги ең әҳмийетли мәселелердиң бири – жаслар мәселеси, соның ишинде, жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў мәселелери қарап шығылды.

Ҳақыйқатында да, жоқары билимлендириўдиң тийкарғы мақсети – халқымыздың, Жаңа Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанның келешек маман кадрларын таярлаў, оларға тек теориялық ҳәм әмелий билимлер берип қоймастан, ал олардың жәмийеттен өз орнын табыўына, өзи таңлаған қәнигелик бағдарында бәнтлигин тәмийинлеўден ибарат.

Усы жерде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 14-февральдағы “Жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң жумысқа жайласыўына жәрдемлесиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында”ғы ПҚ-61-санлы қарарын атап өтиў орынлы. Бул қарар тийкарында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, жоқары билимлендириў шөлкемлери питкериўшилериниң мийнет базарына интеграциясын күшейтиў мақсетинде елимизде “Келешекке қәдем” бағдарламасы әмелиятқа енгизилди.

“Келешекке қәдем” бағдарламасының әмелиятқа енгизилиўи жоқары билимлендириў орынлары питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеўде олардың бизнес көнликпелерин қәлиплестириў, өз тараўындағы бизнес жойбарларын турмысқа енгизиўине жәрдемлесиўге хызмет етпекте.

Президентимиздиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилиси усы бағдардағы нәтийжели басламалардың даўамы болды. Онда Журтбасшымыз тәрепинен бул бағдардағы, яғный кадрлар таярлаў системасы реал талапты қанаатландырмай атырғаны атап өтилип, бул бойынша үлгили жоқары оқыў орынлары ҳәм олар ерисип атырған унамлы нәтийжелер тилге алынды.

Сондай-ақ, жоқары билимлендириўди тараўлардың талабы дәрежесинде көтериў, кадрлар таярлаўдың сапасы ҳәм жаслардың бәнтлик көрсеткишин жедел арттырыў бойынша жаңа басламаларды алган қойды.

Атап айтқанда, буннан былай инвестор яки жумыс бериўшилер менен жоқары оқыў орынлары жуўапкерлери арасында мақсетли бирге ислесиў әмелияты жолға қойылмақта. Бул – келешекте жоқары оқыў орынлары жумыс бериўшилердиң талабына бола қәнигелерди таярлап береди, тийкарғысы олардың бәнтлиги кепилликке алынады, дегени.

Видеоселектор мәжилисинде Президентимиз жоқары оқыў орынларының ўәкиллик шеңберин кеңейтиўге де тоқтап өтти. Итибар бериң, буннан былай барлық жоқары оқыў орынлары шөлкемлестириў ҳәм академиялық жақтан еркин болады.  Соның ишинде, енди жоқары оқыў орынлары басшылары орынбасарларын өзи тайынлайды, белгиленген муғдар шеңберинде профессор-оқытыўшылар ҳәм басқарыў хызметкерлерин өзи бөлистиреди және ректорларға «супер контракт» муғдарын дифференцияласқан ҳалда белгилеў ўәкиллиги де берилмекте.

Президентимиз тәрепинен және бир әҳмийетли баслама. Бәримизге белгили болғанындай, соңғы жылларда жасларды жоқары оқыў орынларына қамтып алыўда кең имканиятлар жаратылды. Солардың бири – абитуриентлердиң бир ўақытта 5 ке шекемги жоқары оқыў орнына тапсырыў имканиятының берилиўи. Мәжилисте бул имканияттың және кеңейтилетуғыны атап өтилди. Яғный, буннан былай абитуриентлер өзи таңлаған бес жоқары оқыў орнынан бирде-биреўине кире алмаса, бирақ топлаған балы басқа жоқары оқыў орнындағы толмаған бағдарға туўры келсе, олар сол жоқары оқыў орнына шәртнама тийкарында қабыл етилиўи мүмкин болмақта.

Бул да жоқары мағлыўматлы боламан, өзи таңлаған қәнигеликкке ийе болып, халқымыздың раўажланыўына өз үлесимди қосаман, деген жасларға жаратылған имканиятлардың даўамы болды.

Жуўмақлап айтқанда, Президентимиздиң басшылығында өткерилген видеоселектор мәжилиси жоқары оқыў орынларының абырайын арттырыў ҳәм ўәкиллик шеңберин кеңейтиў, ең әҳмийетлиси, жумыс бериўшилер менен тығыз байланыс орнатыў арқалы жасларымыздың кепилликке алынған жоқары бәнтлик көрсеткишлерине ерисиўде оғада әҳмийетли болды.

Бунда әлбетте, жоқары оқыў орынлары басшыларына да үлкен жуўапкершилик жүкленеди. Бул бағдарда Ҳүрметли Президентимиздиң бизге билдирип атырған исеними ҳәм берип атырған ўәкилликлеринен нәтийжели пайдаланыўымыз тийис.

 

Аманжол АЯПОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў,

илим ҳәм инновациялар министри.

Қарақалпақстан хабар агентлиги