Спорт өмириниң мазмунына айланды ямаса Бахый Жумамуратовтың басып өткен жолына қысқаша штрихлар

«Жақсының жақсылығын айт ийманы тассын» дегениндей, спорт тараўының пидайысы еркин гүрес бойынша бурынғы аўқам спорт шебери Бахый Жумамуратов туўралы сөз қозғасақ, көпшилик заманласларымыз оның жоқары адамгершилик пазыйлетлерин ҳүрмет пенен тилге алады.
Тахтакөпирли ағаш устасы Жумамурат ағаның шаңарағында дүньяға келген оның балалық дәўири Нөкис қаласында өтти. Пайтахтымыздағы 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде оқып билим алған ол кишкенелигинен спортқа қызығып өсти. Әсиресе, республикамызға белгили палўан Жақсымурат Мамбетовтың көплеген балалар сыяқлы, Бахыйды да спорт мектебинде шөлкемлестирилген еркин гүрес дөгерегине шақырыўы, оның бул спорт түрине деген қуштарлығын арттырды ҳәм спортты пүткил өмириниң мазмунына айландырды, десек алжаспаған боламыз.
Мектепте оқып жүрген гезлери дәслеп республикалық, соңынан пүткил аўқамлық спартакиадаларға қатнасып, шыныққан ол Өзбекстан, кейин ала бурынғы аўқам чемпионатларында өз шеберлигин көрсетип, бир қатар жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизди.
Орта мектепти тамамлағаннан соң Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының денетәрбиясы факультетине оқыўға кирип, өзиниң әмелий билимлерин теориялық жақтан беккемлеп, бул дәргайды 1976-жылы табыслы питкерип шығыўға еристи.
Соңынан өзиниң таңлаған кәсиби бойынша Нөкис қаласындағы 3-санлы қәнигелестирилген жас өспиримлер спорт мектебинде тренер болып жумысқа араласты ҳәм жас өспиримлерге еркин гүрестиң әлўан түрли сырларын үйретти. «Устазлық еткен жалықпас» дегениндей, оның балалар менен еринбестен бирге шуғылланыўы, оларға дурыс жол-жоба көрсетиўи өзиниң унамлы нәтийжесин көрсетип, көплеген шәкиртлери Өзбекстан көлеминдеги жарысларда жеңимпазлықты қолға киргизди.
Атап айтқанда, Шарап ҳәм Кеңесбай Сариев, Абай Ещанов, Ермек ҳәм Марс Бахиевлар Өзбекстан ҳәм бурынғы аўқам көлеминдеги жарысларда жеңип шығып, республикамыздың абырайын көклерге көтерди.
-Бахый ағаны 6-класымнан баслап таныйман,-дейди белгили палўан ҳәм тәжирийбели тренер Шарап Сариев.-Сол жыллары ол мектебимизде еркин гүрес секциясын ашып, оқыўшыларды шуғылландыра баслады. Оның тренерлик шеберлигиниң арқасында, тез арада еркин гүрес пенен шуғылланыўшылар саны артып, олар залға сыймай туратуғын еди. Себеби, устазымыз өзиниң жыллы сөзи ҳәм әдеп-икрамы менен көпшиликтиң нәзерине түскен талапшаң инсан болды. Мениң жоқары оқыў орнына кирип, усындай белгили тренер болып жетилисиўим де оның салмақлы мийнети бар. Бизлер устазымыздың бул ағла пазыйлетлерин ҳеш қашан умытпаймыз.
Бахый аға шәкиртлерине меҳрибан ҳәм талапшаң устаз болыў менен бирге, өз ўазыйпасына оғада жуўапкершиликли хызметкер болды. Оның бул пазыйлетлери тез арада көзге түсип, ол дәслеп спорт мектеби директорының орынбасары, соңын ала директор болып жумысқа тайынланады.
-Бахый аға менен 1998-жылдан баслап бирге ислестик,-дейди оның шәкиртлериниң бири Серик Жүсипбеков.-Ол спорт мектебинде директор ўақтында барлық хызметкерлерге теңдей қатнас жасайтуғын оғада әдил ҳәм кишипейил басшы болды. Мени республикалық спорт мектебинен жумысқа шақырып, өзи басқарған мектепке тренер етип жумысқа алды ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап қуўатлады. Устазымыздың ақыл-нәсиятын тыңлап бизлерде кем болмадық. Әттең, сум әжел оны арамыздан ерте алып кетти…
Ҳақыйқатында да, Бахый Жумамуратов күшли палўан, шебер шөлкемлестириўши басшы болыў менен бирге, ҳақ кеўил, салдаманлы ҳәм кишипейил инсан еди.
Сонлықтан болса керек, республикамыз басшылары оның искерлиги ҳәм пидайылығын есапқа алып, Қарақалпақстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетине баслық етип тайынлады. Бул жуўапкершиликли лаўазымда ислеген жыллары республикамыз спортшылары Өзбекстан ҳәм халықаралық көлемдеги жарысларда үлкен жетискенликлерди қолға киргизип, елимиз байрағын бәлентлерде желбиретти.
-Шаңарақта 2 ул ҳәм 2 қыз бирге тәрбияландық,-дейди Бахый ағаның үлкен баласы Алым.-Үйде оғада қатал ҳәм талапшаң әке болды. Бизлердиң спорт пенен шуғылланып, елимизге керекли, билимли азаматлар болып жетилисиўимизди қәлейтуғын еди. Сонлықтан жумыс пенен бирге, шаңарақтағы балалар тәрбиясына да айрықша итибар қаратты. Буның нәтийжесинде бизлердиң барлығымыз да жоқары оқыў орынларын тамамлап, бүгинги күни халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында жемисли хызмет ислеп атырмыз.
Бизлер бүгин Бахый ағаны бийкардан-бийкарға сөз етпедик. Себеби, бүгин бул инсан тири болғанында өзиниң 70 жасын белгилеген болар еди. Тилекке қарсы, сум әжел оны арамыздан ертерек алып кетти. Деген менен, устаздың өзи болмағаны менен оның шаңарақ ағзалары, дослары, шәкиртлери ҳәм бирге ислескен кәсиплеслери бул инсанды ҳүрмет пенен еске алмақта.

«Жақсыдан шарапат» деген усы болса керек.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы