Тәбийғый газ тәмийнатының сапасын арттырыў жумыслары басланды

Елликқала районындағы “Иқбол” мәҳәллеси халқының тәбийғый газ бенен толық тәмийинлениўи бойынша машқалаға шек қойыў мақсетинде кең көлемли жумыслар басланды. Қарақалпақстан Республикасы прокурорының үйрениўлери нәтийжесинде мәҳәлле халқының бул бағдардағы мүрәжатларын унамлы шешиў мәселелери көрип шығылды.
Районның “Наўайы,” “Иқбол” ҳәм “Елликқала” аўыл пуқаралар жыйынларын тәбийғый газ бенен тәмийинлеўши ескирген ҳәм 30 жылдан аслам пайдаланылған 2,1 км узынлықтағы жер асты газ қубырлары пүткиллей жаңаланбақта. Бул жумыслар жуўмақланғаннан соң 1 955 шаңараққа газ жеткерип бериў сапалы дәрежеде жақсыланады ҳәм жыллық 180 мың куб метрден аслам газ шығынының алды алынады, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.
Халық ушын зәрүр қолайлықларды жаратыў мақсетинде әмелге асырылып атырған бул жойбар халықтың турмыс дәрежесин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Буннан тысқары, тәбийғый газ тәмийнатының турақлы ҳәм нәтийжели болыўына хызмет етеди.

Бар машқалаларды сапластырыў ҳәм халықтың мүрәжатларына жедел шешим табыў жәмийеттиң перспективалы раўажланыўында тийкарғы әҳмийетке ийе екенлиги және бир мәрте дәлилленбекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги