Абайдың руўхый мийрасы мәдений интеграцияны беккемлеўге үлес қоспақта

Ҳәзирги ўақытта Орайлық Азия халықаралық институтында (ОАХИ) “Орайлық Азия халықларының мәдений интеграциясын беккемлеўде Абай руўхый мийрасының орны” атамасында халықаралық илимий-әмелий конференция болып өтпекте.
Қазақстанның елимиздеги елшиханасының жәрдеминде шөлкемлестирилген бул илаж регионның мәдений-гуманитарлық күн тәртибинде айрықша орын ийелейди.
Әнжуманда мәмлекетлик уйымлар, дипломатиялық корпус, илимий ҳәм дөретиўшилик топар ўәкиллери, сондай-ақ, студентлер, академиялық жәмийетшилик жетекшилери қатнаспақта.
Қатнасыўшылар арасында Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм халықаралық шөлкемлердиң изертлеўшилери, жазыўшылар, аўдармашылар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери, сондай-ақ, Өзбекстандағы қазақ, қырғыз, тәжик, түркмен, әзербайжан, беларусь, рус, татар ҳәм башқурт мәденият орайларының белсендилери бар.
Конференцияда уллы қазақ шайыры, ойшылы ҳәм реформаторы Абай Қунанбай улының 180 жыллығы мүнәсибети менен оның көп қырлы мийрасы ҳаққында пикир алысылмақта.
ОАХИ директоры Жавлон Ваҳобов уллы жазыўшының инсан, жәмийет, ағартыўшылық ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятлары менен байланыслы көзқараслары XXI әсирде де әҳмийетлилигин жоғалтпай, мәмлекетлераралық қарым-қатнас ҳәм мәдений бирге ислесиў даўам етип атырғанын атап өтти.
Қазақстанның мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Бейбут Атамқулов шайырдың әдебият, көркем өнер ҳәм мәденияттың раўажланыўына қосқан үлеси ҳаққында айтып, Президент Қасым-Жомарт Тоқаевтың басламасы менен туўысқан елде Абай естелигин мәңгилестириў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.
Атап өтилиўинше, Абайдың қосық шығармалары ҳәм “Нәсият сөзлери”нде сәўлелендирилген адамгершилик принципи түрли халықлар бир-бирин жақсырақ түсиниўине, руўхый мәдениятты байытыўға жәрдем береди. Бул тәлиймат глобал шақырықлар ҳәм өз-ара байланыслылық шәрти зәрүрлиги күшейип баратырған шараятта және де әҳмийетли болып есапланады.
– Абай халықты жаўызлықтан қутқарыўға умтылған. Оның шығармалары тек ғана қазақ оқыўшылары емес, ал пүткил Орайлық Азияның улыўма байлығы сыпатында, өзбек китапқумарлары ушын да қәдирли, – дейди мәденият министриниң орынбасары Мурод Мажидов. – Соның ушын елимизде де бул ойшылдың өмири ҳәм дөретиўшилигин тереңирек үйрениў мақсетинде түрли мәдений илажлар өткерилмекте.
Әнжуманда жаслар, илимий топар ўәкиллери, кең жәмийетшилик арасында Абай идеяларын үгит-нәсиятлаўға қаратылған илимий ҳәм мәдений талқылаўлар алмасылып, әмелий басламалар ислеп шығылмақта. Улыўма, илаж мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеў, мәдениятлараралық қарым-қатнастың көлемин кеңейтиўге хызмет етеди.
Беҳруз Худойбердиев,
ӨзАның хабаршысы