Питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды

Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қ.Шарипов Қарақалпақстан Республикасына хызмет сапары шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң басшылары менен ушырасты.
Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Отемуратов, министрликлер ҳәм шөлкемлердиң басшылары, сондай-ақ, жуўапкер ўәкиллери қатнасты.
Күн тәртибине муўапық, дәслеп шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри лаўазымына Аманжол Аяповтың тайынланғанлығы мәлим етилди.

Атап өтиў керек, А.Аяпов тайынлаўға шекем Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының директоры сыпатында жумыс ислеген.
Буннан соң илажда жоқары оқыў орынларының питкериўши студентлери, соның менен бирге, кәсиплик билимлендириў мәкемелериниң питкериўши оқыўшыларының бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды. Бул бағдарда орын алып атырған кемшиликлер атап өтилип, машқалаларды сапластырыў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берилди.
Министр Қ.Шарипов Президентимиздиң басшылығында жоқары оқыў орынлары питкериўшилериниң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша өткерилген кеңейтилген мәжилисте белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде жумыс бериўшилер, өндирислик кәрханалар менен бирге ислесиўдиң әҳмийетин атап өтти. Бул бағдардағы жумысларды буннан былай да жетилистириў ҳәм муўапықластырыў мақсетинде питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў штабы шөлкемлестирилетуғынлығын мәлим етти.

Ушырасыўда жумыс бериўши тийисли министрликлер ҳәм кәрханалар, сондай-ақ, жоқары ҳәм кәсиплик билимлендириў мәкемелери тәрепинен биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар, соның менен бирге, жаңа оқыў жылына пуқта таярлықлар көриў ўазыйпалары белгилеп алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги