Аляскадағы ушырасыў: Трамп ҳәм Путин тарийхый сөйлесиўге таярланбақта

АҚШ ҳәм РФ президентлери Алясканың Анкориж қаласындағы әскерий базада жүзбе-жүз сөйлесиўге жақын турыпты. Бул ушырасыў Россия ҳәм Украина қарама-қарсылығын додалаўға бағышланады, бирақ орын таңлаў әмелий ҳәм символикалық мәниске ийе, деп жазады “Euronews” басылымы.
Бизге белгили, Россия империясы 1867-жылы Алясканы АҚШқа 7,2 миллион долларға сатқан. Бул қарар Қрым урысы (1853-1856) нәтийжесиндеги үлкен қарызларды төлеўге жәрдем бериў мақсетинде қабыл етилген. Сол дәўирде Аляска Кремль ушын экономикалық жақтан әҳмийетли аймақ есапланбаған. 1949-жылы болса Аляска Қурама Штатлардың 49-штаты деп жәрияланды.

Путин Анкорижға келген биринши рус жетекшиси болады. Анкориж РФ аймағына жүдә жақын – Аляска материги ҳәм Россия арасындағы аралық тек ғана 90 км. Беринг буғазында болса киши Диомеде атаўы (АҚШ) ҳәм үлкен Диомеде атаўы (Россия) арасындағы аралық 4 км ден аз.
Социаллық тармақларда Россия Алясканы қайтарып алыўға таярлық көрип атырғаны ҳаққында мыш-мышлар тарқалған. Айырым пайдаланыўшылар 2022-жылы Россия Жоқарғы суды 1867-жылғы саўда келисимин бийкар еткенин айтпақта, бирақ ҳеш қандай рәсмий ҳүжжет бул даўагерликти тастыйықламайды.
Мусулмон Зиё, ӨзА