Өзбекстан ҳәм Германия аймақлары арасындағы бирге ислесиў байланыслары жеделлеспекте

136

Өзбекстан елшиси Дилшод Ахатов Германияның Тюрингия федерал үлкеси Бас министри Марио Фоигт, парламент баслығы Тадеус Кёниг ҳәм Экономика ҳәм аўыл хожалығы министрлигиниң мәмлекетлик хаткери Марио Зукерт пенен ушырасыўлар өткерди.

Бул ҳаққында “Дунё” МА деп хабар береди.

«Жергиликли парламенттиң баслығы Тадеус Кёниг пенен сәўбетлесиў даўамында болса немис тәрепи нызамшылық, туризм ҳәм мәденият бағдарларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыўдан мәпдар екенин билдирди. Атап айтқанда, республикамыздың туризм тараўындағы потенциалы ҳәм имканиятларына жоқары баҳа берилди.

Тюрингия федерал үлкесиниң Бас министри Марио Фоигт пенен болып өткен сөйлесиў ўақтында Бас министр Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды унамлы баҳалап, мәмлекетте барлық тараўларда үлкен динамика бақланып атырғанын айрықша атап өтти.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Тюрингия қатнасықларын және де раўажландырыў, автомобиль қурылысы, тоқымашылық, IT ҳәм жоқары технологиялар, аўыл хожалығы, дуал билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда шерикликти жеделлестириў бойынша анық илажларды әмелге асырыўға келисип алынды.

Экономика ҳәм аўыл хожалығы министрлигиниң мәмлекетлик хаткери Марио Зукерт пенен болып өткен сөйлесиў ўақтында Өзбекстанға Тюрингиялы исбилерменлер делегациясының сапарын шөлкемлестириў, республикамыз ҳәм Тюрингия федерал үлкесинде өткерилетуғын халықаралық көргизбелерде еки тәреп бизнес ўәкиллериниң қатнасыўын ислеп шығыў және экономикалық бирге ислесиўди системалы жолға қойыў бойынша механизмлерин қәлиплестириў мәселелери додаланды», делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги