Гарвард илимпазлары Альцгеймерге қарсы жаңа даўа тапты

Гарвард медицина мектеби илимпазлары Альцгеймер кеселлигине қарсы үмитли жаңалық жәриялады. Он жыл даўам еткен изертлеўлер нәтийжесинде олар жойтылған есте сақлаўды тиклеў имканиятын беретуғын жаңа қатнасты тапты.
Қәнигелердиң анықлаўынша, Альцгеймер кеселлигинде амилоид-бета деп аталатуғын белоклар мийдеги литийди өзлестирип жибереди. Нәтийжеде литий нейронларға жетип бармайды, клеткалар арасындағы байланыс бузылады ҳәм есте сақлаў жоғалады.
Бул машқаланы шешиў ушын илимпазлар литий оротат – арзан ҳәм қәўипсиз бирикпеден пайдаланды. Ҳайўанларда өткерилген тәжирийбелер соны көрсетти, бул препарат тек ғана еслеўди тиклеў емес, ал зыянланған мий тоқымаларын қайта тиклеўи де мүмкин.
Алдынғы бақлаўлар да буны тастыйықлайды. Мәселен, Данияның ишимлик суўында литий муғдары жоқары болған аймақларда деменция азлаў ушырасады. Бул литийдиң мий саламатлығы ушын қаншелли әҳмийетли екенлигин көрсетеди.
Бирақ илимпазлар қырағылыққа шақырмақта. Ҳәзирше усыл тек ғана тышқанларда сынақтан өткен, адамлар үстинде клиникалық изертлеўлер енди ғана басланбақта. Шыпакердиң қадағалаўысыз литий қосымтасын қабыл етиў усыныс етилмейди.
Егер сынақлар табыслы жуўмақланса, литий оротат дүнья бойлап миллионлаған наўқаслар ушын арзан, қәўипсиз ҳәм нәтийжели ем болыўы мүмкин. Бул – жойтылған есте сақлаўды қайтарыў жолындағы үлкен қәдем.
Мадинабону Насриева,Улуғбек Тўхтаев, ӨзА