Космослық технологиялар экономика ҳәм мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелиликти арттырады

181

Космослық технологияларды раўажландырыў мәмлекетлик басқарыў ҳәм экономика тармақларында нәтийжелиликти арттырыўда үлкен әҳмиетке ийе.

Бул технологиялар мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыўда мағлыўматларды толық ҳәм анық усыныў, қарар қабыл етиў процесслерин оптималластырыў ҳәм ресурсларды нәтийжели бөлистириў имканиятын береди.

Экономика ҳәм қаржы министрлигинде Санлы технологиялар министрлиги жанындағы Космослық изертлеўлер ҳәм технологиялар агентлиги (“Өзбеккосмос”) ўәкиллери менен болып өткен ушырасыўда бул ҳаққында сөз болды.

Онда экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Отабек Фозилкаримов, “Өзбеккосмос” агентлигиниң директоры Шуҳрат Қодиров ҳәм еки тәрептиң тийисли жуўапкер хызметкерлери қатнасты.

Ушырасыў даўамында агентликтиң жумысы ҳәм тийкарғы бағдарларына байланыслы презентация көрсетилди. Сондай-ақ, аўыл хожалығында суўдан пайдаланыўды мониторинг етиў, жер қатнасықлары тараўында санлы қадағалаўды күшейтиў, жасыл аймақларды анық есапқа алыў ҳәм санластырыў, нызамсыз қурылысларды өз ўақтында анықлаў сыяқлы бағдарларда космослық бақлаў технологияларынан пайдаланыў мәселелери додаланды.

Отабек Фозилкаримовтың атап өткениндей, космослық технологияларды мәмлекетлик басқарыў процесслеринде қолланыў тек ғана уйымлардың нәтийжелилигин арттырып қоймастан, ал экономикалық режелестириў ҳәм ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўға хызмет етеди.

Илажда мәлим етилгениндей, “Өзбеккосмос” 2019-жылы шөлкемлестирилген мәмлекетлик агентлик болып, мәмлекетимизде космос тараўындағы мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириў ҳәм әмелге асырыў, заманагөй космослық технологияларды енгизиў, жасалма жолдаслар арқалы мониторинг ҳәм мәлимлеме хызметлерин раўажландырыў, сондай-ақ, халықаралық космослық бирге ислесиўди кеңейтиў менен шуғылланады.

Агентлик пенен биргеликте аўыл хожалығы, геология, суў хожалығы ҳәм экология тараўларындағы мониторинг имканиятлары сезилерли дәрежеде кеңейтиледи. Мәселен, аўыл хожалығында жер майданлары ҳәм егинлердиң жағдайы спутник бақлаўлары арқалы анықланады. Бул болса нәтийжелиликти арттырыў ҳәм суў және минерал ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлейди.

Шуҳрат Қодировтың сөзлерине бола, геология, суў хожалығы ҳәм экология тараўларындағы жойбарларды әмелге асырыўда космослық хызметлерден кеңнен пайдаланыў, сондай-ақ, космослық хызметлер базарын раўажландырыў ушын зәрүр институционаллық ҳәм технологиялық шараятларды жаратыў үлкен әҳмийетке ийе.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер космослық технологияларды экономикалық режелестириў ҳәм тармақлараралық басқарыў процесслерине интеграциялаў, сол арқалы мәмлекетлик басқарыўда нәтийжелиликти арттырыў ҳәм инновациялық шешимлерди енгизиў бойынша бирге ислесиўди және де кеңейтиўге таяр екенлигин билдирди.

 

Н.Зиёдуллаева, ӨзА