Қытайда дүньядағы ең бийик көпирдиң қурылысы басланды

Қытайдың Гуйчжоу провинциясында инженерлер сийрек ушырасатуғын жойбар үстинде жумыс алып бармақта – бул жерде таў екиге бөлинип, 625 метр бийикликте жайласқан Хуацзян көпири қурылмақта. Бул ҳаққында The Independent хабар берди.
Гуйчжоу – 92%и таў ҳәм жарлықлардан ибарат аймақ болып, автомобиль ҳәрекети ушын қурамалы релефке ийе. Инженерлер узақ туннель қазыў орнына, пүткил таў шыңларын кесип өтетуғын үлкен көпир қурыўға қарар етти.
Көпирдиң техникалық өзгешеликлери:
Бийиклиги: 625 метр (Эйфель минарасынан бийик)
Узынлығы: 2890 метр.
Қурылыста пайдаланылып атырған полат муғдары: 49 мың тонна
Басқарыў: ГПС кранлар ҳәм самал сенсорлары жәрдеминде.
Алдынлары 70 минут даўам еткен таў жолы, усы көпир арқалы тек ғана 1 минутлық қәўипсиз ҳәрекетлениў жолына айланыўы режелестирилмекте. Бул аймақ турғынлары ушын қалаға тез ҳәм қолайлы жетип алыў имканиятын жаратады.
Хуацзян көпири 2025-жылдың ақырында пайдаланыўға тапсырылыўы күтилмекте. Ол тек ғана транспорт системасын әпиўайыластырып қоймастан, ал жаңа туристлик орынға да айланыўы режелестирилген. Жойбар шеңберинде экстремал спорт түрлери ҳәм жулдыз бақлаў орынлары да шөлкемлестириледи.
Гуйчжоу провинциясы бүгинги күнде “дүньядағы ең бийик көпирлер музейи” атағын алыўға миясар болған.
Мадинабону Насриева, Улуғбек Тўхтаев, ӨзА