Нызамсыз саўдаға шек қойылды

150

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў бөлими хызметкерлери Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Миллий гвардия Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармалары ўәкиллери менен биргеликте күшли тәсир етиўши қураллар саўдасының алдын алыў мақсетинде Нөкис қаласында оператив илаж өткерди.

Илаж даўамында алдыннан бақлаўға алынған пуқара қарыйдарға қурамында күшли тәсир етиўши қураллар болған дәри-дәрмақларды сатып атырған ўақтында қолға алынды. Буннан соң, гүманланыўшы пуқараның көрсетпесине тийкарланып оператив илаж даўам еттирилип, басқа бир пуқараның жасайтуғын үйи көзден өткерилгенде, ол жерде жәми 550 дана капсуладан ибарат күшли тәсир ететуғын дәри бар екенлиги анықланып, айғақлы дәлил сыпатында алынды.

Сондай-ақ, оператив илаж Нөкис дийқан базары аймағында да даўам еттирилип, сол әтирапта ҳәрекетленип киятырған және бир пуқара тоқтатылды. Гүманланыўшы пуқараға тийисли сумка көзден өткерилгенде, оның ишинен қурамында күшли тәсир ететуғын элементлер болған 400 капсула табылды.

Орайлық бажыхана лабораториясының жуўмағына тийкарланып, бул капсулалардың қурамында “Сибутрамин” күшли тәсир етиўши затының бар екенлиги мәлим болды.

Оператив илаж даўамында 950 дана күшли тәсир ететуғын дәри қуралының нызамсыз айланысының алды алынды. Анықланған жағдайлар бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

ӨзА