“Инсан қәдири жолында” халыққа бийпул медициналық тексериў

279

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы байрамы алдынан Нөкис қаласының шетки аймақларының бири Қаратаў мәкан пуқаралар жыйынында ҳақыйқый инсаный меҳир ҳәм ғамқорлық руўхы тийкары болған илаж өткерилип, “Инсан қәдири” принципи тийкарында халықтың саламатлығын сақлаў мақсетинде кең көлемли медициналық тексериў шөлкемлестирилди.

Жүрек-қан тамыр, семизлик, қантлы диабет, өкпе жоллары кеселликлери сыяқлы көп ушырасатуғын кеселликлерди ерте анықлаў, ал ҳаял-қызлар арасында қантлы диабет ҳәм көкирек бези рагиниң алдын алыўға қаратылған бул акцияда пуқаралардың жүзлеринде миннетдаршылық, кеўиллеринде үмит сезими пайда болды.

Халық рентген, УТТ, лабораториялық тексериўлер, ЭКГден өткерилди. Сондай-ақ, кардиолог, психиатр, травматолог, хирург, невропатолог, гематолог, отоларинголог сыяқлы түрли бағдардағы шыпакерлер көшпели қабыллаў өткерди.

– Биз шетки аймақта жасаймыз, шыпакерлерге барыў қыйын болады. Бүгин болса сонша қәниге үйимизге келип, тексериў өткерди. Бул биз ушын үлкен қолайлық,-дейди мәҳәлле турғыны М.Дилимбетова.

– Көбинесе кеселликлер кеш анықланады. Бундай тексериўлер болса, ерте диагноз қойыў ҳәм емлеў имканиятын береди,-дейди илажда қатнасқан шыпакер В.Упатуллаева.

Ең қуўанышлысы, тексериўлер нәтийжесинде анықланған кеселликлер бойынша наўқасларға зәрүр бийпул дәри-дәрмақлар тапсырылды.

“Қаратаў” халқы бул басламаны инсан қәдири ҳәм саламат турмысқа қарай әҳмийетли қәдем сыпатында қабыл етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги