Антти Карттунен: Орайлық Азия аўыр машқалалар алдынды сезилерли турақлылықты көрсетпекте

Бул пикирди Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ) жойбарлары координаторы Антти Карттунен VIII Орайлық Азия экспертлер форумында билдирди.
– Көп тәреплеме бирге ислесиў мәселелерин додалаў ушын избе-из системалы экспертлердиң сөйлесиў майданлары оғада зәрүр. Бүгинги форум кооперацияны раўажландырыў бойынша улыўмалық көзқараслар ҳәм әмелий қәдемлерди ислеп шығыўға хызмет етеди, – деди дипломат.
ЕҚБШ ўәкили Орайлық Азия мәмлекетлериниң жоқары дәрежедеги консолидациясына айрықша баҳа берип, соңғы ўақытларда регион экономикалық кризис, климат өзгериўи, технологиялық трансформация сыяқлы аўыр машқалалар алдында сезилерли турақлылықты көрсеткенин атап өтти.
Оның сөзлерине бола, бундай шараятта улыўма регионаллық машқалаларды шешиў ушын Орайлық Азиядағы барлық мәмлекетлердиң ҳәрекетлерин муўапықластырыў үлкен әҳмийетке ийе. – Регионның келешеги бүгин исленген таңлаў ҳәм бул таңлаўдың уқсаслық дәрежеси менен белигленеди, – деди ол.
Усы жерде эксперт Орайлық Азия ушын ҳәр тәреплеме қәўипсизлик – әскерий-сиясий, экономикалық-экологиялық ҳәм инсан факторын қамтып алатуғын концепцияны ислеп шығыў оғада әҳмийетли екенлигин айрықша атап өтти. Соның менен бирге, Антти Карттунен мәмлекетлердиң регионаллық күн тәртибиндеги барлық мәселелер бойынша ҳәрекетлериниң уқсаслығы архитектураны беккемлеўде әҳмийетли роль атқаратуғынына исеним билдирди.
Ғ.Хонназаров, ӨзА