Дослық байланысларының әмелдеги көриниси

161

Өзбекстан ҳәм Қырғызстанның биргеликте шөлкемлестирген “Саламат” санаторий-емлеў комплексиниң жаңа имаратының қурылысына тырнақ тасы қойылды, деп хабар береди “Дунё” МА.

«Илажға Қырғызстан Президентиниң Ош ўәлаятындағы ўәкилликли ўәкили Элчибек Жантаев, Қарасуў районының басшылары ҳәм Ташкент қаласындағы “Акфа Медлайн” көп тармақлы клиникасының хызметкерлери ҳәм басқалар қатнасты.

Өзбекстан ҳәм Қырғызстан биргеликте жумыс алып баратуғын бул медицина мәкемеси бес қабаттан ибарат болып, онда заманагөй медициналық үскенелер менен тәмийинленген хирургиялық әмелиятлар блогы, реабилитация ханалары, конференция залы ҳәм илимий орай жайласады. Жаңа медицина орайы бир ўақыттың өзинде 70 наўқасты қабыллаў имканиятына ийе болады. Орай толық иске қосылғаннан соң 100 жаңа жумыс орны жаратылады.

Жойбардың улыўма баҳасы болса 3,5 миллион АҚШ долларына тең. Қурылыс жумыслары 2026-жылдың август айында жуўмақланады.

Илажда шығып сөйлегенлер соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Қырғызстан басшыларының ис-ҳәрекетлери нәтийжесинде еки мәмлекет арасында дослық қатнасықлар барлық тараўларда, соның ишинде, медицина тараўында да жедел раўажланып атырғанын атап өтти», делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги