ҒМДА шеңберинде жынаятларға қарсы гүресиўде мәлимлеме алмасыўы раўажландырылады

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги делегациясы Санкт-Петербург қаласында болып өткен ҒМДАға ағза мәмлекетлер Ишки ислер министрлери кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.
Кеңес мәжилисинде Өзбекстан, Армения, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан республикалары және Түркменстан ҳәм Россия Федерациясы ишки ислер министрликлери делегациялары, сондай-ақ, ҒМДАға ағза мәмлекетлер аймағында шөлкемлескен жынаятшылық ҳәм басқа да қәўипли жынаятларға қарсы гүресиўди муўапықластырыў бюросының директоры, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң терроризмге қарсы гүресиў орайының басшысы ҳәм ҒМДА атқарыў комитетиниң жуўапкерлери қатнасты.
Илажда ҒМДАға ағза мәмлекетлер ишки ислер министрликлериниң бирге ислесиўиниң тийкарғы мәселелери ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўындағы мәмлекетлераралық бағдарламалардың орынланыўы додаланды.

ҒМДАға ағза мәмлекетлер ишки ислер министрликлери арасында эксперт-криминалистика жумысы тараўында бирге ислесиў нәтийжелилигин арттырыў, Мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўында жүз берилетуғын жынаятларға қарсы гүресиўде мәлимлеме алмасыўын раўажландырыў, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң жол ҳәрекети қәўипсизлиги тараўында жоқары билимлендириў ҳәм қосымша билимлендириў бағдарламалары бойынша кадрлар таярлаў тараўын раўажландырыў ҳәм нызамсыз миграцияға қарсы гүресиўде өз-ара бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша сөйлесиўлер өткерилди.
Делегациялардың басшылары тәрепинен кеңес шеңберинде қабыл етилген қарарларға ҳәм кеңеске басшылық етиўши тәрепинен мәжилис протоколына қол қойылды.
Илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң Россия Федерациясы ҳәм Беларусь ишки ислер министрлери менен еки тәреплеме ушырасыўлары шөлкемлестирилди.
Тәреплер ҳуқықты қорғаў тараўындағы өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери, соның ишинде, трансмиллий шөлкемлескен жынаятшылық, терроризм, нәшебентлик затлардың нызамсыз саўдасы ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўындағы жынаятларға қарсы гүресиў мәселелери бойынша пикир алысты. Сондай-ақ, усы тараўларда кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыўда бирге ислесиў байланысларын жетилистириў бойынша перспективалы режелерди додалады.
Илажлар дослық ҳәм конструктивлик руўхта өтти. Тәреплер келешектеги байланысларды институционаллық дәрежеде раўажландырыўға, әмелий нәтийжелерге бағдарланған биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыўға келисип алды.
ӨзА