«Рәўшан» да байрам илажы болып өтти

Елим деген, халқым деген ҳәр бир инсан ушын бир ғана сүрен бар. Олда болса «Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын». Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы алдынан болып өтип атырған байрам илажлары усы сүрен астында алып барылып, онда қатнасқан ҳәр бир жерлесимиздиң жүзинде күлки, усындай жәннетмәкан журтта жасап атырғанлығы ушын шүкиршилик сезимлерин аңғарасаң.
Усындай байрам илажларының бири Қоңырат районындағы “Раўшан” АПЖ аймағында жайласқан 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде болып өтти.
Ушырасыў шеңберинде болып өткен мәнаўият фестивалында илим, әдебият ҳәм көркем өнер ўәкиллери, зыялылар қатнасып, Ғәрезсизлигимиздиң 34 жыллығының кең түрде белгилениўи, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында сөз етти.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, “Мәрифат” үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң ағзасы, ҚМУ доценти, юридика илимлериниң кандидаты Х.Кабулов, Бердақ атындағы ҚМУ журналистика кафедрасы профессоры, филология илимлериниң докторы Т.Машарипова, “Вести Қарақалпақстана» газетасының арнаўлы хабаршысы Х.Халилаева, “Нураний” қоры районлық бөлиминиң баслығы Х.Қурбанбаев ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери менен оқыўшы жаслар қатнасты.


Илажда шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей елимизде алып барылып атырған социаллық-экономикалық реформалардың негизги бағдары инсан факторы ушын болып, жаслардың билим алыўы, илим үйрениўи, кәсип ийелеўи ушын барлық имканиятлар жаратылып берилиўи менен бирге ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ушын алып барылып атырған илажлар ҳаққында сөз етти. Кеўлинде Ўатанға садықлық, миллетке ҳүрмет ҳәм халықшыллық сезимлерин беккемлеў бойынша алып барылып атырған илажлар ҳаққында айтып өтти.
Байрам илажы елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң миллий қосық ҳәм аяқ-ойынларынан дүзилген концерт бағдарламасы менен даўам етип, халықлар дослығы байрамына уласып кетти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги