“Ғайратлы кекселер” спорт беллесиўлери болып өтти

Елимизде кекселерди қәдирлеў, олардың турмыслық тәжирийбесин жас әўладқа үлги сыпатында жеткериў, жәмийеттеги белсендилигин арттырыў мақсетинде түрли илажлар шөлкемлестирилмекте. Бундай басламалар арқалы оларды жәмийеттиң раўажланыўына өз үлесин қосыўға хошаметлеў үлкен әҳмийетке ийе.
Беруний районында “Нураний” қоры районлық бөлиминиң басламасы менен “Ғайратлы кекселер” сүрени астында спорт жарыслары өткерилди. Илажда мәҳәллелерден белсенди кексе әўлад ўәкиллери қатнасты.
Жарысларда шахмат, шашка ҳәм миллий гүрес бойынша беллесиўлер шөлкемлестирилди. Белсене қатнасқан нураныйлар арасында дослық бәсеки руўхында өткен жарыслар үлкен қызығыўшылық оятты. Илаж соңында “Нураний” қоры районлық бөлиминиң баслығы Ф.Аннасафаров жеңимпаз ҳәм белсене қатнасыўшыларды мүнәсип сыйлықлады, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Бундай илажлар кексе әўлад ўәкиллериниң турмысқа болған қызығыўшылығын және де арттырып, оларды жәмийетте және де белсенди болыўға шақырады. Соның менен бирге, жаслар ушын да мүнәсип өрнек болып хызмет етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги