“Исбилермен ҳаял” таңлаўының жеңимпазлары анықланды

254

Усы жылы ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў Комитетиниң басламасы менен ислеп шығылған жойбар “Исбилермен ҳаял” таңлаўына 10 жыл толды. Бул таңлаў мәмлекетимизде ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, олардың экономикалық-социаллық белсендилигин арттырыў, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликтеги қатнасы ҳәм жәмийеттеги орнын беккемлеў мақсетинде шөлкемлестирилмекте.

Нөкис қалалық кәсиплик көнликпелер орайында усы таңлаўдың Республика аймақлық басқышы жоқары дәрежеде, байрам кейпиятында өткерилди.

Илажда депутатлар, ӨзЛиДеПтиң басланғыш партия шөлкемлериндеги белсенди ҳаял-қызлары, партияның жуўапкер хызметкерлери, 50 ден аслам исбилермен ҳәм фермер ҳаял-қызлар, сондай-ақ, бирге ислесиўши шөлкемлер – Өзбекстан Саўда-санаат палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, Қарақалпақстан Республикасы фермерлер кеңеси ҳәм кәсиплик аўқамлары бирлеспеси ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.

Онда ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети баслығының орынбасары А.Аслонов, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты Р.Сабиров, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Ш.Отемисов ҳәм ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы С.Турмановлар шығып сөйлеп, мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамы мүнәсибети менен бәршени қызғын қутлықлап, соңғы жыллары әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, әсиресе, ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў тараўындағы әҳмийетли басламалар ҳәм әмелий жумысларға айрықша итибар қаратты.







Таңлаўда қалалық ҳәм районлық басқышларда жеңимпаз деп табылған 17 исбилермен ҳаял-қыз өз жумысына байланыслы видеороликлер ҳәм көргизбелери менен қатнасты. Олардың арасында миллий кийим брендлерин тигиў менен шуғылланып атырған цех басшылары, 20 дан аслам түрдеги нан өнимлерин ислеп шығарып атырған исбилерменлер, фермер хожалығының ийелери, хызмет көрсетиў ҳәм өндирис тараўларында жумыс алып барып атырған ҳәм бир неше ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеп атырған алдынғы қатардағы ҳаял-қызлар болды.

– Сондай-ақ, таңлаў шеңберинде шөлкемлестирилген әмелий мастер-класслар қатнасыўшылар ушын тек ғана жаңа билим алыў емес, ал оларды күнделикли исбилерменлик әмелиятына нәтийжели енгизиўде әҳмийетли қәдем болды,-дейди ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң бөлим баслығы А.Есемуратова. –  Жуўапкерлер тәрепинен өткерилген сабақларда гөззаллық салонын басқарыў сырлары, микро-зелен жетистириў усыллары ҳаққында анық ҳәм әмелий усыныслар берилди. Қатнасыўшылар бул билимлер арқалы өз бизнеслерин жаңа басқышқа алып шығыў имканиятына ийе болып, бәсекиге шыдамлылық ҳәм дәраматты арттырыўда үлкен имканиятлар ашылды.

– Микро-зелень ҳаққындағы әмелий сабақ маған жаңа бағдар берди. Бул арзан, бирақ пайдалы бизнес екен. Енди өз жумысыма қосымша түрде бул бағдарды да баслаўды режелестирип атырман. Таңлаў – мен ушын тек ғана танысыў ҳәм көргизбе емес, ал жаңа идеялар фабрикасы болды,-дейди Беруний районында фермерлик жумысы менен шуғылланып атырған Наргиза Қурбаниязова.

Бундай билимлер ҳаял-қызларға тек ғана исеним емес, ал дәрамат дәрегин диверсификациялаў, бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығарыў ҳәм базарда өз орнын беккемлеў имканиятын береди. Исбилермен ҳаял-қызлар мастер-класслар оларға жаңа руўх, жаңа идея ҳәм әмелий билим алып келгенин атап өтти.

Таңлаў нәтийжелерине муўапық 1-орын ийеси Әмиўдәрья районы Маңғыт қаласынан нан ҳәм нан өнимлери, сүтти қайта ислеў киши кәрханасының баслығы, “MF food” ҳәм “AMUDARYO Milky Food” брендиниң тийкарын салыўшысы Дилдора Ҳайитбаева деп табылды. Сондай-ақ, Хожели районы “Хатча мама” фермер хожалығының баслығы Тәжибийке Маткаримова 2-орынды, Кегейли районынан миллий кийимлер тигиў цехының баслығы Гүлнур Пердебаева 3-орынды ийеледи.

Таңлаў жеңимпазлары ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети тәрепинен ажыратылған ақшалай сыйлықлар, диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Сондай-ақ, “Заманагөй интакер ҳаял,” “Жылдың кеңпейил исбилермен ҳаялы,” “Аўылды социаллық раўажландырыўда белсендилик көрсеткен фермер ҳаял,” “Инвестицияларды тартыўда баслама көрсеткен исбилермен ҳаял” ҳәм “Ең жас, белсенди ҳаял исбилермен” сыяқлы номинациялар бойынша да жеңимпазлар анықланып, айрықша хошаметленди.

Илаж Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институтының Нөкис филиалы тәрепинен шөлкемлестирилген концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги