Судлаўда теңликти тәмийинлеўге қаратылған усыныслар билдирилди

264

Нөкис қаласында “Шаңарақлық (турмыслық) зорлық ҳәм жынысый зорлық етиўге байланыслы жынаятлар ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша әмелге асырылған жумыслар, бар машқалалар ҳәм олардың шешимлери және келешектеги ўазыйпалар” атамасында семинар болып өтти.

Илажды Жоқарғы суд баслығының биринши орынбасары И.Муслимов алып барып, усы категориядағы жынаят ислери бойынша сорастырыў, тергеў уйымлары ҳәм судьялар тәрепинен қарар қабыл етиўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер, олардың алдын алыў илажлары ҳәм суд әмелиятын бирдей етиў мәселелерине айрықша тоқтап өтти.

Бул семинар 2023-жыл 11-апрельде қабыл етилген “Ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықлары, еркинликлери және нызамлы мәплерин исенимли қорғаў системасының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы Нызамына тийкарланып пайда болған ҳуқықый өзгерислер әмелиятта қалай енгизилип атырғанын таллаўға бағышланды.

Усы Нызам менен Жынаят кодексине 126-1-статья (шаңарақлық (турмыслық) зорлық) ҳәм 141-3-статья (абырайын ҳәм қәдир-қымбатын кемситиўши мағлыўматларды тарқатыў), ал, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине болса 59-2-статья (шаңарақлық (турмыслық) зорлық) ҳәм 41-1-статья (жынысый зорлық етиў) киргизилген.

– Сондай-ақ, Нызамның орынланыўын тәмийинлеў ҳәм ҳуқықтың бирдей қолланылыўын тәмийинлеў мақсетинде Жоқарғы суд Пленумы тәрепинен 2023-жыл 20-апрель күни қарар қабыл етилген болып, ол судлар ушын әмелий қолланба ўазыйпасын атқарады. Бул қарар суд әмелиятында жаңа ҳуқықый нормалардың анық ҳәм әдил қолланылыўын тәмийинлеўге хызмет етиўге қаратылған,-дейди Қарақалпақстан Республикасы судының бас консультанты Г.Ганиева.

Бирақ, нызам қабыл етилгенине 2 жылдан аслам ўақыт өткен болса да, елеге шекем сорастырыў, тергеў уйымлары ҳәм судлар тәрепинен бир қатар үлкен қәте-кемшиликлерге жол қойылып, бул семинарда усы кемшиликлерди сапластырыў бойынша зәрүр илажлар белгиленди.





Илажда судьялар, прокуратура ҳәм ишки ислер уйымларының хызметкерлери, Социаллық қорғаў агентлиги ҳәм балалардың ҳуқықлары бойынша ўәкиллердиң регионаллық ўәкиллери қатнасып, нызамды орынлаў, профилактикалық жумыслар, жәбирленгенлерге жәрдем көрсетиў, жынаят ислерин нәтийжели тергеў ҳәм суд әмелиятында бирдей қатнасларды тәмийинлеўге қаратылған усыныслар билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги