Экспорт имканиятлары ҳәм резервлерин жедел иске қосыў зәрүр

217

Күни кеше мәмлекетимиз басшысының басшылығында тоқымашылық тараўында экспорт имканиятлары ҳәм резервлерди иске қосыў мәселелери бойынша болып өткен видеоселектор мәжилисинде дүньяда жасалма талшық ҳәм аралас гезлемеге талап жылдан-жылға артып баратырғанына итибар қаратылып, 2028-жыл 1-январьға шекем аралас гезлеме бажыхана бажысынан азат етилетуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, мәжилисте Европа ҳәм АҚШ базарына таяр кийим-кеншек экспортын кеңейтиў мәселелерине де айрықша тоқтап өтилди.

Тоқымашылық кәрханаларына жеңилликлер ҳәм имканиятлар, хошаметлер берилиўи нәтийжесинде алыс районларда да кәрхана филиаллары ашылып, халықтың жумыс пенен тәмийинлениўи бойынша алға қойылған басламалар Қарақалпақстан Республикасынан басланатуғыны белгиленди.

Мәжилисте берилген тапсырмалардан келип шығып, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығының биринши орынбасары М.Уразалиев Беруний районында трикотаж гезлеме ҳәм таяр кийим-кеншек ислеп шығарыў менен шуғылланыўшы кәрханада болды.

Жылына 6 миллион дана таяр өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе бул кәрханада бүгинги күнде 350 жергиликли халық турақлы жумыс орынлары менен тәмийинленген.


Кәрхана 2024-жыл даўамында 2,9 миллион АҚШ доллары баҳасындағы 641 тонна кийим-кеншек ҳәм ийирилген жип өнимлерин Қытай, Пакистан, Россия, Түркия ҳәм Украина мәмлекетлерине экспорт еткен болса, усы жылдың басынан 272 мың АҚШ доллары баҳасындағы товарлар экспорты әмелге асырылған.

Ушырасыў даўамында бажыхана жуўапкерлери тәрепинен кәрхана басшысына “бажыхана аймағында қайта ислеў” режиминиң абзаллықлары түсиндирилип, режимнен пайдаланған ҳалда келешекте кәрхананың экспортлық потенциалын және де арттырыў имканиятлары әмелий мысалларда көрип шығылды. Тоқымашылық тараўы ушын нызамшылықта жаратылған имканиятлар ҳәм жеңилликлер бойынша мағлыўмат берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги