Қәте-кемшиликлер талқыланып, ўазыйпалар белгиленди

220

Қарақалпақстан Республикасы суды жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы А.Адиловтың басшылығында Ишки ислер министрлигинде семинар шөлкемлестирилди. Оған жынаят ислери бойынша қала ҳәм район судларының баслықлары, тергеў судьялары ҳәм тергеўшилер қатнасты.

Семинарда тийкарғы итибар ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди рәсмийлестириўде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлерди талқылаў, оларды сапластырыў ҳәм келешектеги ўазыйпаларды белгилеўге қаратылды.

Қарақалпақстан Республикасы судының жынаят ислери бойынша судлаў коллегиясының баслығы А.Адилов, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислерди дурыс ҳәм анық рәсмийлестириў тек ғана пуқаралардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў емес, ал әдил судлаўды әмелге асырыўда да әҳмийетли орын ийелейтуғынын айрықша атап өтти.

Әлбетте, бундай семинарлардың өткерилиўи әмелияттағы машқалаларды додалаў ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке.

Семинарда тараўдағы айырым мәселелер бойынша пикир-усыныслар билдирилип, қатасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги