Есик ҳәм айналардың қәўипсизлиги ҳаққындағы техникалық регламент тастыйықланды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Есиик ҳәм айналардың қәўипсизлиги ҳаққындағы техникалық регламентти тастыйықлаў ҳаққында” қарар қабыл етти.
Оған муўапық, Есик ҳәм айналардың қәўипсизлиги ҳаққындағы техникалық регламент тастыйықланды.
Регламентте:
есик ҳәм айналардың қәўипсизлик талаплары;
есик ҳәм айналарды миллий муўапықлық белгиси менен тамғалаў;
техникалық регламент талапларына әмел етилиўи бойынша мәмлекетлик қадағалаў белгилеп берилген.
Усы қарар менен Техникалық регламентти енгизиў схемасы да тастыйықланды.
Регламент есик ҳәм айналарға және олардың элементлерине байланыслы Өзбекстан Республикасы аймағында қолланылыўы ҳәм орынланыўы мәжбүрий болған бирден-бир талап ҳәм қағыйдаларды белгилейди.
Техникалық регламент талаплары төмендеги өнимлерге қолланылмайды:
усы Техникалық регламент әмелге киргизилгенге шекем ислеп шығарылған есик ҳәм айналар;
пайдаланыўда болган есик ҳәм айналар;
миллий өнерментшилик өнимлери ҳәм өз мүтәжликлери ушын исленген есик ҳәм айналар.
Усы регламент талаплары төмендеги түр ҳәм классификациядағы есик ҳәм айналарға тийисли:
а) есиклер:
мөлшерлениўине қарап (имаратқа кириў есиклери, жәмийетлик, өндирислик ҳәм қосимша имарат ҳәм қурылмалардың бөлмелерине кириў ушын ишки кириў есиклери, бөлмелер арасындағы есиклер, санузеллер есиклери);
профиль элементлериниң материаллары бойынша (пластикалық, алюмин, тахта, полат есиклер);
конструктивлик орынланыўына қарай (еки қабатлы, тербелиўши, жылжыўшы, жыйналатуғын есиклер);
б) айналар:
функционал мөлшеринен келип шығып (тийкарғы, арнаўлы, шаўқымнан қорғаўшы, сындырыўға шыдамлы, қосымша ханалар (баспалдақ кетекшелери, техникалық қабатлар, шарбақлар, подваллар) ушын;
профиль элементлериниң материаллары бойынша (пластик, алюмин, полат, композит);
конструкция түри бойынша (бир қабатлы, жуп қабатлы, ажыратылған, ажыратылған-жуп).
Қарарға бола Техникалық регламент талапларына муўапықлығы тастыйықланбаған есик ҳәм айналар Өзбекстан Республикасы аймағында реализацияға шығарылмайды.
Регламент рәсмий жәрияланған күннен баслап алты ай өткеннен соң әмелге киреди.
ӨзА