«Ҳаял-қызлар дәптери» Дильназаға әўмет алып келмекте

Жумыссызлықтан қутылыў, қосымша дәрамат таўып, шаңарағына пайда келтириў арқалы машқалаларға шешим табыў ушын мәмлекетимизде кең имканиятлар жаратылған. Оннан орынлы пайдаланып, истиң көзин билген адамлар ғана қыйыншылықлардан шығыспақта. Елимизде алып барылып атырған «Кәмбағаллықтан-абаданлыққа қарай» бағдарламасы тийкарында алып барылып атырған кең көлемли жумыслар да орынларда болып атырған жақсы өзгерислер менен өз нәтийжесин бермекте.
Әмиўдәрья районы Шайкөл аўылында жасаўшы белсенди ҳәм интакер ҳаяллардан бири – Дильназа Айтымбетова «Ҳаял-қызлар дәптери» арқалы турмысында ушырасып атырған қыйыншылықлардан шығысып атыр. Мәҳәлле жуўапкерлериниң жәрдеминде ол қусшылық жумысын жолға қойыў ушын жеңиллетилген кредитке ийе болды.
Мийнет сүйгишлик ҳәм тырысқақлық пенен жумыс баслаған Дильназа быйылғы мәўсимде төрт мәрте шөжелер жетистирип, оларды мәҳәлле турғынларына сатты ҳәм шаңарағына қосымша дәрамат табыўға еристи. Оның бул ҳәрекетлери тек ғана шаңарағына қосымша дәрамат келтирип қоймастан, ал мәҳәлледе саламат бәсеки ҳәм исбилерменлик орталығын да беккемлеўге тийкар жаратты.

-Алдағы ўақытта қусшылықты және де кеңейтип, оны толық түрдеги бизнеске айландырыў режелери үстинде жумыс алып бармақтаман. «Таўық жети ғәзийнениң бири», дегениндей, бул жәниўарларға меҳир берип бағып, шаңарағымыз бенен гөшин, мәйегин жеп, сондай-ақ, мәҳәллелеслериме де сатып, қосымша дәрамат табыўға ерисип атырмыз. Жумыссызлықтан қыйналып не ислерин билмей отырған ҳаял-қызларға мәсләҳәтим, ҳеш қашан екиленбестен елимизде жаратылып атырған имканиятлардан орынлы пайдаланыўын усыныс еткен болар едим,-дейди Дильназа.
Д. Айтымбетова өзине деген исенимлилиги ҳәм мийнет сүйгишлиги менен басқа ҳаял-қызлар ушын турмыслық үлги болып хызмет етпекте.
Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги