НМПИде арнаўлы мағлыўматлар орайы шөлкемлестирилди

153

Ҳәзирги ўақытта Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында студентлерге қосымша қолайлықлар жаратыў бағдарында нәтийжели жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, студентлерди турақ жай менен тәмийинлеўде гезекте турыўдың алдын алыў, оқыў жылы басланыўы қарсаңында студентлердиң турақ жайсыз қалыўы жағдайларын болдырмаў мақсетинде мағлыўматлар орайының жумыслары жолға қойылды,-деп хабар бермекте,-НМПИ баспасөз хызмети.

Бул орайда институттың студентлерди турақ жай менен тәмийинлеў жумысларын муўапықластырыў бөлиминиң қәнигелери, тьюторлар ҳәм волонтёрлар тәрепинен турақ жайға мүтәж болған студентлерди жатақхана ҳәм ижара үйлери менен тәмийинлеў бойынша әмелий жәрдем берилмекте.

Институтта жаңа оқыў жылы алдынан Нөкис қаласында студент-қызлар ушын 1076 орынлық, ер студентлер ушын 93 орынлық, Елликқала районында 225 орынлық студентлер турақ жайлары таяр ҳалға келтирилди.

Сондай-ақ, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында үш жерде – 100, 400 ҳәм 362 орынлық студентлер турақ жайлары жаңа оқыў жылына студентлерди қабылламақта.

Соның менен бирге, институт әтирапындағы мәҳәллелерден 600 ге шамалас ижара үйлериниң шараятлары үйренилип, жаңа оқыў жылына таярлап қойылды.

Мағлыўмат ушын, Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 14-августтағы 376-санлы қарары тийкарында тастыйықланған регламентке муўапық, студентлердиң жатақханаларға орналасыў бойынша арзалары усы жылдың 1-август күнинен баслап Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы – my.gov.uz арқалы қабыл етилмекте.

Регламент тийкарында дәслеп жеңиллик ҳәм үстинликке ийе талабанлар студентлер турақ жайларына қабылланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги