Елши менен ушырасыў болып өтти
123

Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов Францияның Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Орелия Бушез бенен ушырасыў өткерди.
Бул ҳаққында Өзбекстан СИМ басшысы өзиниң telegram каналында жазады.
«Мәмлекетимизде өз жумысын жуўмақлап атырған Францияның Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Орелия Бушез ханымды бүгин СИМде қабылладық.
Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм Францияның еки тәреплеме байланыслары теңсиз динамиканы пайда етти, мәмлекетлеримиз тарийхый шеклерге еристи, мәмлекетлеримиз стратегиялық шериклерге айланды.
Елши ханымның байланысларымыз шегараларын кеңейтиўге қосқан турақлы үлесин жоқары қәдирлеймиз ҳәм жаңа жумысында барлық табысларды тилеймиз» делинеди хабарда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги