Саламат турмыс тәризи күнделикли әдетке айланыўы керек

Ҳәзирги ўақытта орынларда медицина тараўы қәнигелери тәрепинен Президентимиздиң “Республикада денсаўлықты сақлаў системасын ҳәм халыққа медициналық хызмет көрсетиў принциплерин жетилистириў арқалы тараўды реформалаўды басқышпа-басқыш даўам еттириў илажлары ҳаққында”ғы ПП-88-санлы пәрманы, “Денсаўлықты сақлаў системасында реформаларды әмелге асырыўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-185-санлы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде “Саламат турмыс тәризин қәлиплестириў” атамасында оқыў-семинарлары өткерилмекте.
Саламатлық ҳәм стратегиялық раўажланыў институты Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен “Медицинада әҳмийетли 90 күн” бағдарламасы шеңберинде “Саламат турмыс тәризин қәлиплестириў” атамасындағы гезектеги семинар Кегейли районлық медицина бирлеспесиниң жуўапкер медицина хызметкерлери ушын шөлкемлестирилди.
Семинарда I ҳәм II қәўип топарына киргизилген пуқаралар арасында саламат турмыс тәризи ҳәм кеселликлер профилактикасы бойынша түсиндириў жумыслары алып барылды.
Сондай-ақ, семинарда дене салмағы индексин есаплаў, қантлы диабеттиң 2 түри ҳәм жүрек-қан тамыр кеселликлери қәўипин анықлаў бойынша телеграм-ботлар ҳәм мобиль қосымшалар, сондай-ақ, “Саламат болайық” платформасы, жасалма интеллект жәрдемшиси менен қалай ислесиў кереклиги үйретилди.
Қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алып, пикир алысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги