«Бир Ўатан – бир жүрек!» сүрени астында халықлар дослығы жырланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында” ғы қарарына муўапық Өзбекстан “Адолат” СДП тәрепинен де ғәрезсизлик байрамын қарарда көрсетилгениндей “Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!” сүрени астында кең түрде өткериў белгиленген.
Байрам шеңберинде партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен Төрткүл районындағы “Ақ кептер” дем алыў орайында миллетлер аралық дослықты беккемлеўге қаратылған “Бир ўатан – бир жүрек!” сүрени астында илаж шөлкемлестирилди.
Дем алыў орайындағы жаслар республикамызда жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң миллий аяқ ойынларын атқарып, өзлериниң қәбилетлери менен шеберликлерин көрсетти.
Илажға Өзбекстан “Адолат” социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Н.Қайыпбергенов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты О.Аллабергеновалар қатнасты.

Сондай-ақ, илажда Төрткүл районы “Бәркамал әўлад” балалар мектебиниң хызметкерлери ҳәм Мәденият бөлиминиң дөретиўшилери өзлериниң дөретиўшилик көргизбелери менен қатнасыўшылар ҳәм мийманларға миллий қол мийнети буйымларынан ибарат көргизбелерин усынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги