«Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» спорт жарысларының 2-басқышына старт берилди

192

«Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» спорт жарысларының 2-басқышының ашылыў салтанаты болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, жарыстың ашылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қызғын қутлықлады ҳәм спортшыларға әўмет тиледи.

Усы жыл 5-28-август күнлери аралығында «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» спорт жарысларының 2-басқышы шеңберинде жәми 10 спорт түри бойынша жарыс өткерилип, жеңимпазлардың анықланыўы белгиленгенлигин атап өтиў орынлы.

Бул басқышта табыслы қатнасып, жуўмағында өз салмақ категорияларында жеңимпаз болған қатнасыўшылар үшинши басқыш – Президент олимпиадасында қатнасыў имканиятын қолға киргизеди.

Буннан соң күн даўамында өткерилиўи белгиленген беллесиўлер баслап жиберилди. Онда Республикамыздың барлық қала ҳəм районларынан келген жас спортшылар қатнасты.





Қызғын қарама-қарсылықларға бай түрде болып өтетуғын жарыс жуўмағында жеңимпазлар диплом, медальлар ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги