«Президент саўғасы» топламлары жетип келди

Республикамыздағы мектеплерге қәдем қойып атырған оқыўшылар ушын «Президент саўғасы» топламлары жетип келди
Қарақалпақстан Республикасындағы улыўма орта билим бериў мектеплерине 2025-2026-оқыў жылында 36 050 оқыўшының 1-классқа қабыл етилиўи күтилмекте.
Оларға 12 атамадағы «Президент саўғалары» тапсырылыўы белгиленген болып, бул ийгиликли баслама ҳүрметли Президентимиз тәрепинен жас әўладтың тәлим-тәрбиясына, олардың интеллектуаллық ҳәм руўхый раўажланыўына қаратылған жоқары итибары ҳәм турақлы ғамхорлықтың әмелий көриниси болып есапланады.
Жаңа оқыў жылы басланғанға шекем бул саўғалар басқышпа-басқыш барлық мектеплерге жеткерилип, оқыў жылының биринши күни оқыўшыларға тапсырылады.


«Президент саўғасы» топламлары қурамында «Әлипбе» сабақлығы, жазыў дәптерлери, реңли қағазлар топламы, сүўрет дәптери, реңли қәлемлер, желим, папка ҳәм басқа да зәрүр оқыў қураллары орын алған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги