Жаслар бәнтлигине қаратылған әмелий қәдемлер

Бүгинги күнде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселесине үлкен итибар қаратылмақта. Бул бағдарда ҳәр қыйлы илажлар, жойбарлар ҳәм басламалар турмысқа енгизилмекте. Усы мақсетте Төрткүл районында да әҳмийетли баслама әмелге асырылды.
Район прокуратурасының басламасы менен өткерилген мийнет ярмаркасында 100 ге шамалас жаслар қатнасты. Бул илаж арқалы олардың келешегине әҳмийетли тырнақ қойылды. Жигит-қызлар ушын жумыс орынлары усыныс етилди, өз-ара сөйлесиў ҳәм мәсләҳәтлесиўлер шөлкемлестирилди.



Ярмарка жуўмағында 10 нан аслам жаслар турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Соның менен бирге, 5 жасқа исбилерменлик жумысын баслаўда жәрдемлесиў белгиленди. Буннан тысқары, 4 жас өзин-өзи бәнт етиў бағдарында керекли мийнет қураллары менен тәмийинлениўи режелестирилди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Бундай әмелий жумыслар арқалы жаслар тек ғана дәрамат дәрегине ийе болып қалмастан, ал жәмийетте өз орнында таппақта. Бәнтлик мәселесиндеги ҳәр бир ҳәрекет – олардың келешекте еркин турмыс кешириўи, материаллық турақлылығы ҳәм белсенди пуқара сыпатында қәлиплесиўинде айрықша әҳмийетке ийе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги