Аўыл хожалығындағы жетискенликлер менен машқалалар да үйренилмекте

235

Аймақларда әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин үйрениў мақсетинде хызмет сапарын даўам еттирип атырған аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов ҳәзирги ўақытта  Қарақалпақстан Республикасына болмақта.

Сапар етиўдиң дәслепки мәнзили Беруний районы “Шаббаз” АПЖ аймағында жайласқан Уразымбетов Нематжан, Рахматулла Чаман ҳәм Кучкинов Қудрат фермер хожалықларының атыз майданлары болды.

Атыз майданлары көзден өткерилгенде, туқымлық пахта сыпатында жергиликли “Султан” сорты егилгени, бирақ барлық атызларда суўғарыў мәселесинде бир қыйлы кемшиликлерге жол қойылғаны анықланды. Нәтийжеде ғаўашаның кеселликке бейимлиги артқаны, қатар араларының жабайы ҳәм сортқа байланыслы болмаған шөплер менен қапланғаны атап өтилди.

Министр атызларды көзден өткерип, агротехникалық илажлардың толық орынланбағаны ҳәм вегетация процесинде жол қойылған кемшиликлерге кең түрде тоқтап өтти.

Соның менен бирге, туқымлық пахтаның кеселликлерге шыдамлы емес сорты егилгени ҳәм қатар араларын жабайы шөплерден тезлик пенен тазалаў бойынша жуўапкерлерге қатаң тапсырмалар берди.

Өз гезегинде, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў, суўғарыў аралығын нормада белгилеў ҳәм атызларда өз ўақтында култивация жумысларын алып барыў бойынша усыныслар берди.

Ҳәр бир фермер хожалығы өнимдарлық ҳәм сапа көрсеткишлерин арттырыў ушын илимий усынысларға сүйенген ҳалда, агротехникалық қағыйдаларға қатаң әмел еткен жағдайда ғана режелестирилген жумыслардың нәтийжелилиги артатуғыны атап өтилди.

Буннан соң министр “Шаббас” агрокластери музлатқышлы қоймаханасының жумысы менен жақыннан танысты.

Бул қоймаханада ҳәзирги ўақытта 700 тонна бийдай туқымы сақланбақта. Соннан 200 тоннасы тындырып болынған болса, қалған 500 тоннасы тынышлық дәўирин өтеў процесинде. Туқымлар тийкарынан “Аср,” “Дружба” ҳәм “Әндижан” сыяқлы өнимдарлы сортлардан ибарат болып, олар өнимдарлығы ҳәм ҳәр қыйлы климат шараятларына бейимлесиўи менен ажыралып турады.

Қоймаханада туқымларды +1 градустан +5 градусқа  шекемги орташа температурада сақлаў системасы енгизилген. Бул шараят туқымлардың биологиялық активлигин сақлап қалыў, тынышлық дәўирин сапалы өтеў ҳәм кейин ала жоқары көрсеткишли зүрәәт алыў имканиятын береди. Орташа 45 күн даўам ететуғын тынышлық дәўиринен соң туқымлар егиўге таяр жағдайға келтириледи.

Кластерде қосымша қурылған музлатқышлы қоймаханаға және 150 тонна туқымлық дән алып келинип, яровизация процеси өткериледи. Яровизация – туқымларды арнаўлы температура ҳәм ығаллықта қайта ислеў процеси болып, бул усыл өнимдарлықты арттырыўда, оның сапасы ҳәм турақлылығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ие.

Сапар ўақтында министр қоймахананың жумысын жоқары баҳалап, бундай заманагөй инфраструктуралар аўыл хожалығында нәтийжелиликти арттырыў ҳәм мәмлекеттиң азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын атап өтти.

Буннан соң  районындағы “Азат интенсив бағ” фермер хожалығында болып ол жердеги жа2дайлар менен танысты.  10 гектар майданда қурылған бағда алма, жүзим, шабдал ҳәм алмурт жетистирилмекте. Заманагөй тамшылатып суўғарыў системасы менен толық тәмийинленген бағ суўдан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм зүрәәтлиликти арттырыў имканиятын бермекте. Өткен жылы хожалық жүзимнен 40 тонна өним алған.

Әлбетте, жаңалыққа умтылған фермер  раўажланыўға көтериледи, бул бағ буның айқын дәлили. Ең әҳмийетли тәрепи – илимий тийкарланған агротехникалық илажларды орынлаў ҳәм ҳәр бир сорттың биологиялық өзгешеликлерин есапқа алып тәрбиялаў болып табылады. Сонда ғана мийнетимиз сырт ел базарларында да мүнәсип баҳаланады.

Министр, бағды көзден өткерип, “Азат интенсив бағ” сыяқлы интакер хожалықларды қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин атап өтти.  Бундай исбилерменлер өз шаңарағына дәрамат келтириў менен бирге жаңа жумыс орынларын жаратады ҳәм аймақтың экономикасының раўажланыўына үлес қосады. Сол себепли, мәмлекет тәрепинен кредит, субсидия ҳәм илимий-техникалық мәсләҳәтлер арқалы олардың жумысын буннан былай да беккемлеў илажларын көриў зәрүр.

Фермер хожалығының басшысы келешекте сырт мәмлекетлерге өним экспортын жолға қойыўды режелестирип атырғанын мәлим етти. Министр болса бул бағдарда өнимниң сапасы, сақлаў ҳәм логистика системаларын және де күшейтиў, сондай-ақ, экспорт базарларын кеңейтиў бойынша өз усынысларын берди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги