Өзбекстанның Түркиядағы елшиханасының социаллық тармақлардағы бетинде жәрияланған видеоконтентти 1 миллионнан артық адам тамашалады

143

Усы жылдың июль айында мәмлекетимиздиң Түркиядағы дипломатиялық ўәкилханасының «facebook»тағы бетинде жәрияланған видеоконтент ҳәм оның шеңберинде бақланған унамлы пикирлер социаллық тармақлардың потенциалын ҳәм күшин айқын көрсетип берди, деп жазбақта «Дунё» МА.

«Түркиялы белгили фуд-блогер CZN-Burakтың Өзбекстан байрағы сәўлеленген түрк тилиндеги “кунефе” мазалы затын писиргенлиги ҳаққындағы видеога жуўап ретинде “food.travel.uz”  аспазлары тәрепинен таярланған өзбек палаўы үстинде сәўлеленген түрк байрағы видеосы мәмлекетимиз елшиханасының социаллық тармақлардағы бетинде “CZN-Burakтың Өзбекстан ҳаққындағы постына өзбек аспазларынан әжайып жуўап: Түркия байрағы астында өзбек палаўы. Жасасын өзбек-түрк туўысқанлығы!” атамасы астында жайластырылды.

Бул видеоконтент жәрияланғаннан соң Түркия жәмийетшилиги тәрепинен унамлы күтип алынды. 272 мәрте бөлистирилген постқа 22 мыңнан аслам адам “like” басқан. Контентти болса 1 миллионнан аслам адам көрди.

Итибарлы тәрепи, бул пост бақлаўшылар арасында унамлы атмосфера жаратты ҳәм оның астына 235 адам өз пикирлерин жазып қалдырды», – делинеди хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентилиги