Непалда альпинистлер ушын үлкен имканият

Туризмди раўажландырыў ҳәм аз үйренилген аймақларға итибар қаратыў мақсетинде Непал кейинги еки жыл даўамында Гималай таўының 97 шыңын бийпул ийелеўге руқсат берди.
Бул қарар дүньядағы ең бийик шың – Эверестке шығыў ушын руқсатнаманың баҳасы соңғы тоғыз жылда биринши мәрте көтерилип, сентябрьден баслап 15 000 долларға көтерилиўи фонында қабыл етилди.

Мәмлекеттиң Туризм басқармасы бул баслама Карнали ҳәм Судурпасчим ўәлаятларындағы тәбийғый гөззаллықты үгит-нәсиятлаўға жәрдем бериўине үмит етпекте. Мәмлекеттиң ең кәмбағал, раўажланбаған аймақлары есапланатуғын бул ўәлаятлардан таңлап алынған шыңлар 5 970 ҳәм 7 132 метр бийиклик аралығында жайласқан.
– Теңсиз сулыўлығына қарамастан, кириў қыйынлығы себепли бул аймақларға туристлер, альпинистлер жүдә аз келеди, – дейди Туризм басқармасының директоры Ҳимол Гаутам. – Орнатылатуғын тәртип жаңа жумыс орынларын жаратып, қосымша дәрамат алып келип, жергиликли экономиканы беккемлеўге хызмет етеди.
Ҳәзирше ҳүкимет усы шетки аймақларда инфраструктура ҳәм транспорт имканиятын жақсылаў бойынша анық реже усыныс етпеген. Соңғы еки жылда бар шыңлардың 68 ине альпинист шыққан. Мағлыўмат орнында айтыў керек, 2024-жылы Эверестке шығыў ушын 421 руқсатнама берилген.

Символикалық мәниде “Дүнья төбеси” деп аталатуғын, теңиз қәддинен 8 849 метр бийикликте жайласқан бул мәнзилде соңғы жыллары ҳәдден тысқары тығылыс бақланбақта. Соның менен бирге, экология машқаласы ҳәм шығыўға урыныў ўақтында апатшылық жүз бериўи менен байланыслы ҳәр қыйлы қәўетерлер де көбейген. Өткен апрель айында Непал Жоқары суды ҳүкиметке Эверест ҳәм басқа да ири шыңлар ушын руқсатнама санын шеклеў бойынша көрсетпе берген.
Жаңа нызам жойбарына бола, Эверестти ийелеўди қәлеўшилер алдын Непал аймағындағы 7 000 метрден бийик шыңға шыққан болыўы шәрт болады. Сол себепли Карнали ҳәм Судурпасчимдеги бийпул шыңлар альпинистлер ушын идеал таярлық мәнзили сыпатында көрилип атыр.
Муслим Зиё, ӨзА