Жаңа оқыў жылы жақын: сабақлықлар жетерли ме? (+видео)

129

“Өзбекстан – 2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл” экономика жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламаның 2025-жылдың биринши ярым жыллығында 277 бәнттеги ўазыйпаларды әмелге асырыў белгиленген. Өткен алты ай даўамында усы ўазыйпалардан 224 иниң орынланыўы тәмийинленген. Қалғанларының болса мүддети создырылған ямаса орынланыў алдында. Жалпы ишки өним көлеми 7,2 процентке, мәмлекетлик бюджет қаржылары болса 27 проценттен артқан.

Бул ҳаққында Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының мәжилисинде айтып өтилди. Онда депутатлар Мәмлекетлик бағдарламаның 2025-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўын партия идеяларынан келип шыққан ҳалда додалады.

Атап айтқанда, депутатлар тийкарғы итибарды тәлим-тәрбия, балаларды миллий руўхта тәрбиялаў, китапқумарлыққа үйретиў бағдарындағы ҳәрекетлерге қаратты.

Есабатта атап өтилгениндей, өткен дәўирде 35 жаңа мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми шөлкемлестирилди ҳәм қамтып алыў 77 процентке, 6 жасар балаларды мектепке таярлаўға қамтып алыў болса 96 процентке жетти.

Фракция ағзалары мектеплерди ағымдағы оңлаў ҳәм сабақлықлар ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў, сондай-ақ, балалар ушын миллий контентлер жаратыў, бақшаларды әдебиятлар менен тәмийинлеў сыяқлы мәселелерди ортаға қойды.

Соның ишинде, депутат Умида Раҳмонова аймақлардағы үйрениўлерде айырым мектеплерди оңлаў жумысларын октябрь-ноябрьде жуўмақлаў белгиленгенине гүўа болғанын атап өтип, сабақлар сентябрьде басланса, ўақтында жуўмақланбаған оңлаў жумыслары билимлендириў сапасына тәсир етпей ме, деген сораўды көтерди. Сондай-ақ, мектеплерди сабақлықлар менен тәмийинлеў қай дәрежеде шешилгени менен қызықты.

Буған жуўап ретинде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң жуўапкери оңланыўы октябрь-ноябрьге шекем нәзерде тутылған мектеплердиң оқыўшылары жақын әтираптағы мектеплерге тартылатуғынын мәлим етти. Сабақлықлар менен тәмийинлеў мәселеси де турақлы итибарда екенин, жаңа сабақлықлар менен қамтып алыў дәрежеси 70 проценттен артқанын айтып өтти.

Сондай-ақ, додалаўларда “Жас китапқумар” таңлаўында оқыў ушын усыныс етилген китаплар дизиминдеги барлық китаплар мектеп китапханаларында бар ма, деген сораў көтерилди. Оған жуўап ретинде мектеплерге көркем шығармалар жеткерип берилип атырғаны, соның менен бирге, Жаслар ислери агентлиги тәрепинен жолға қойылған “Оқыў” контентинде дизимдеги барлық китаплардың электрон ҳәм аудио вариантлары жайластырылғаны атап өтилди.

Муҳтарама Комилова, Дониёр Ёқубов, Анвар Аҳмедов (видео), ӨзА