Байрам алдынан және бир жаңа объект иске қосылды

200

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 34 жыллығы мүнәсибети менен елимиз бойлап өткерилип атырған байрамға бағышланған илажлар көтериңкилик руўхта даўам етпекте. Жақында ғана кәсиплик байрамын белгилеген қурылысшыларымыз да байрамға мүнәсип саўғаларын таярлаған.

Нөкис қаласындағы Жаңабазар МПЖ аймағында да жаңадан бой тиклеген 12-санлы шаңарақлық поликлиникасы пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов, Нөкис қаласының ҳәкими А.Данияров, сондай-ақ, медицина хызметкерлери ҳәм аймақ турғынлары қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде денсаўлықты сақлаў тараўын түп-тийкарынан жетилистириў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, жәмийетте саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, медицина тараўын заман талаплары дәрежесине алып шығыў бағдарында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Жаңа имаратты қурыў ушын Президентимиздиң тапсырмасы менен 7,2 млрд. сум қаржы ажыратылғанын атап өтиў орынлы. Усы тийкарда заманагөй, барлық қолайлықларға ийе жаңа социаллық объект бой тикледи.

– Бурын аймағымызда жасап атырған пуқаралар 2-санлы шаңарақлық поликлиникаға барып көринетуғын еди. Енди үйимиздиң қасында жайласқан поликлиникаға көринетуғын болғанымыздан қуўанып атырмыз. Аймақ турғынлары жаңадан салынған поликлиниканың ишин көрип, жаратылған шараятлар менен  танысып қуўанып атыр. Жаратылған мүмкиншиликлердиң барлығы кеўилдегидей. Илайым елимиз тыныш, халқымыз аман болғай. Аймақ турғынларының мүшкилин жеңиллетип бергени ушын Президентимизге үлкен алғысларымызды айтамыз, басшыларымызға миннетдаршылық билдиремиз.,-дейди аймақ турғынлары.

Әлбетте, пайдаланыўға тапсырылған бул поликлиника аймақта жасаўшы пуқараларға медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын және де жақсылаўға хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги