Қарақалпақстанлы жаслар Әндижанда

Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районынан кәсип-өнер үйрениў, исбилерменлик жумысын жолға қойыў тилегиндеги бир топар жаслар зәрүр билим ҳәм көнликпелерге ийе болыў мақсетинде Әндижанға келди. Олар темир жол вокзалында салтанатлы түрде күтип алынды.
Мийманлар “Әндижан мебель кластери”, “Алтынкөл гүл өсириў орайы”, “Digital Hub” логистика орайы, Әндижан қаласындағы Зергерлик кластериниң жумысы, Алтынкөл районындағы Ижтимоият мәҳәллесинде мебель ислеп шығарыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, улыўма, ўәлаяттағы дөретиўшилик, жас исбилерменлер тәрепинен әмелге асырылып атырған ибратлы жумыслар менен жақыннан танысты.
– “Бир мәҳәлле – бир өним” принципи тийкарында Алтынкөл районы Ижтимоият мәҳәллесинде конвейер усылында мебель өнимлерин таярлаў жумыслары жүдә жақсы жолға қойылған екен, – дейди шымбайлы Алишер Бектурсунов. – Мәҳәлледе дерлик 400 шаңарақ әне усы жумыс пенен шуғылланады екен. Бири стол-стул ҳәм басқа мебель үскенелериниң ҳәр түрли бөлеклерин таярлап береди, бири жыйнайды, және биреўи оны қайта ислейди. Усы тәризде мебель өнимлери таярланып, қарыйдарларға жеткерип бериледи екен. Мине, усы процесслерди бақладық, бул бизде үлкен тәсир ҳәм қызығыўшылық оятты. Усы мәҳәллениң тәжирийбеси тийкарында өзим жасайтуғын мәҳәлледе мебель ислеп шығарыўды жолға қойыўды нийет еттим. Несип етсе, усы исти әмелге асырыўға шын кеўилден ҳәрекет етемен.
Сапар даўамында шымбайлы жаслар түрли бағдарларда жумыс алып барып атырған исбилерменлер менен ушырасты, жумыс процесслерин тиккелей бақлады, олар менен сөйлесиўлер өткерди.
Исбилерменлердиң жумысы менен танысыў, олар менен сәўбетлесиў шымбайлы жасларға өзлери қызықтырған өнерлерди ийелеў, жоқары дәраматлы исбилерменлик идеяларын әмелге асырыў ушын үлкен хошамет берди.
Жаслар ислери агентлиги, Саўда-санаат палатасының ўәлаятлық басқармасы, “Жаслар – келешегимиз” қоры тәрепинен қарақалпақстанлы жаслар ушын Әндижанның дыққатқа ылайық орынларына саяхатлар шөлкемлестирилди.
Фахриддин УБАЙДУЛЛАЕВ,
ӨзАның хабаршысы