Терроризм ҳәм экстремизмге қарсы гүресиў бойынша илаж

Айрықша жағдайлар министрлиги академиясында “Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлеринде экстремизм ҳәм терроризмге қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарлары” атамасында руўхый-ағартыўшылық илаж болып өтти.
Илажда бүгинги күнде ҳәкимиятқа умтылып атырған, диний сүренлерди нықап етип алған айырым топарлар Орайлық Азия мәмлекетлерине унамсыз тәсир өткерип атырғаны, буның бизге жетип бармаўы ушын бәрқулла сергек болыў керек екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, диний фанатизм, экстремизм, терроризм, миссионерлик, ғалабалық мәденият сыяқлы қәўип-қәтерлер мәмлекет ҳәм жәмийет қәўипсизлигине, пуқаралардың тынышлығына үлкен қәўип сыпатында көзге тасланып атырғаны ҳаққында сөз болды.

Илаж соңында ашықтан-ашық сөйлесиў болып өтти. Сораў-жуўаплар даўамында тыңлаўшыларды қызықтырған сораўларға жуўаплар берилди.
Гулноза Бобоева, ӨзА