Өзбекстан ҳәм Қырғызстан Қазақстанға қанша куб метр суў жеткерип береди?

129

Усы жылы Қазақстанның қубласында суўғарыў ушын суў тамтарыслығы кескинлескени себепли Өзбекстан ҳәм Қырғызстан қоңсылас мәмлекетке 600 миллион куб метр суў жибереди. Бул ҳаққында Қазақстан Бас министриниң орынбасары Канат Бозумбаев мәлим етти.

Оның айтыўынша, суў тәмийнаты бойынша ҳәзирги жағдай жедел илаж көриўди талап етпекте. Бурын ерисилген үш тәреплеме келисимлер нәтийжесинде Қазақстан дийқаншылық талапларын қанаатландырыў ушын зәрүр муғдарда суў менен тәмийинленеди.

Қазақстан рәсмийлери Өзбекстан ҳәм Қырғызстан ўәкиллери менен сөйлесиўлер өткерген.

Бозумбаевтың атап өтиўинше, 2025-жылы Орайлық Азияда климат шараяты аўыр болмақта – суў азайған, жазда температура жоқары, жаўын-шашын жетерли емес. Бул жағдай суўдың жумсалыўын арттырған, бирақ оның кирип келиўи азайған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги