Ташкенттен Чарваққа шекемги аралықта жаңа автомобиль жолын қурыў режелестирилген

Соңғы жыллары мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жол-транспорт инфраструктурасын модернизациялаў, жолларды оңлаў ҳәм жаңа жөнелислерди қурыў бойынша бир қатар әҳмийетли қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилмекте.
Бул реформалар нәтийжесинде елимиздиң барлық аймақларында, атап айтқанда, шетки район ҳәм аўылларда да жол тармақлары избе-излик пенен жаңаланбақта.
Автомобиль жоллары комитети улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында алып барылып атырған оңлаў ҳәм қурыў жумыслары ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы аймағы географиялық ҳәм климатлық жақтан қурамалы болыўына қарамастан, соңғы жыллары бул жерде социаллық ҳәм экономикалық инфраструктураны жақсылаў, транспорт жолларын оңлаў ҳәм модернизациялаў бойынша бир қатар әмелий жойбарлар турмысқа енгизилмекте.

Аймақлық жойбарлардың әмелий көриниси сыпатында Кегейли районында алып барылып атырған жол қурылысы жумыслары итибарға ылайық. Атап айтқанда, Д234 (4Р176) “Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир” автомобиль жолының 35-36-километр аралығында асфальт төсеў жумыслары алып барылмақта. Беруний ТЙФДМ тәрепинен шөлкемлестирилген бул оңлаў жумысларына 10 арнаўлы техника, 17 жумысшы тартылған. Оңлаў жумыслары жоқары технологиялық талаплар тийкарында алып барылмақта. Қурылыс жумыслары жуўмақланғаннан соң, жолдың өткериўшеңлик қәбилети сезилерли дәрежеде артады, транспорт ағымы тегисленеди, жолаўшылардың қәўипсизлиги тәмийинленеди ҳәм жергиликли экономикалық белсендилик ушын қолайлы шараят жаратылады.

Арнасай районында Айдар-Арнасай туризм орайының қурылысы мүнәсибети менен бул жерде аэропорт қурылысы жедел пәтлерде даўам етпекте.
Замин районы Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик мәкемеси тәрепинен объектте 300 мың куб метр топырақ жумыслары орынланды, объектке зәрүр болатуғын 1200 куб метр қум-шебен араласпасы арнаўлы автотранспорт қураллары жәрдеминде тасып келтирилип, резерв жаратылды. Процесслерге 100 ге шамалас машина-механизм және 120 жумысшы ҳәм механизатор тартылған.
Буннан тысқары, Д012 “Бектемир-Шыршық-Ғазалкент-Чарвақ қорғаны” автомобиль жолының 26,3-километринде темир жол үстинен өтетуғын жол өткели ҳәм узынлығы 900,2 метрлик жол қурылып, пайдаланыўға тапсырылыў алдында.

Сондай-ақ, Ташкенттен Чарваққа шекемги аралықта жаңа автомобиль жолын қурыў режелестирилген. Бул жойбар Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент ҳәм Сырдәрья ўәлаятларын қамтып алған “Чарвақ-Чимён” рекреациялық аймағына қатнаўды жақсылаў мақсетинде әмелге асырылады.
Мәлим етилиўинше, жол қурылысы концепциясы әллеқашан ислеп шығылған. Бул жойбар таңлаў тийкарында жетекши компаниялар менен биргеликте, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери шеңберинде орынланады. Пайдаланыўдағы жолға тиймеген ҳалда жаңа Ташкент – Чарвақ автомобиль жолының қурылысы да баслап жибериледи.

Бухара районында қурылып атырған жаңа халықаралық аэропорт ҳәзирги пайдаланып киятырған аэропорттан үш есе көп қуўатлылыққа ийе жаңа заманагөй халықаралық аэропорт болыўы мақсет етилген. Мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында улыўма баҳасы 226 миллион АҚШ долларына тең болған бул ири жойбар шеңберинде дүнья стандартларына сай заманагөй аэропорт қурылады. Хызмет көрсетиў терминалы арқалы саатына 1 мың 200 жолаўшыны узатып-күтип алатуғын бул аэропорт Бухара қаласының да өзине тән көрки болыўы күтилмекте.
ӨзА