Қурылысшылардың мийнети жоқары баҳаланды

Қурылыс тараўы хызметкерлери күни мүнәсибети менен Беруний районында илаж өткерилди. Онда район ҳәкими И.Хидиров тараў ўәкиллерин қызғын қутлықлап, олардың мийнетине жоқары баҳа берди,-деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.
Бизге белгили, ҳәр бир имарат, жол, көпир ямаса социаллық объект артында қурылысшы, инженер, жойбарлаўшы ҳәм басқа да тараў қәнигелериниң пидәкерлик мийнети жәмленген. Олар тәрепинен елимизде ҳәр жылы жүзлеген жаңа объектлер қурылып, халық ушын қолайлы ҳәм заманагөй шараятлар жаратылмақта.
Бүгинги күнде елимизде қурылыс санаатының раўажланыўына айрықша итибар қаратылып атырғаны тараў қәнигелерине болған итибар ҳәм исенимниң айқын көриниси болып есапланады. Беруний районында усы тараў ийелериниң кәсиплик байрамы мүнәсибети менен бир топар қурылысшылар сыйлықланды ҳәм алдағы жумысларында әўмет яр болсын, деп жақсы тилеклер билдирилди.


Бундай илажлар арқалы тек ғана қәнигелердиң мийнети тән алынып қоймастан, ал жас әўладты қәбилетли ҳәм жуўапкершиликли қәниге ийеси болыўға шақырады. Қурылыс тараўы ийелери мәмлекеттиң раўажланыўына хызмет ететуғын ең зәрүр ҳәм мақтанышлы кәсип ийелери сыпатында тән алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги