Мойнақта БПО орайы жумыс баслады
Мәмлекетимиз басшысының санлы экономиканы раўажландырыў, әсиресе, жасларды мәлимлеме технологиялары тараўына тартыў бағдарындағы турақлы итибары ҳәм көрсетпелери нәтийжесинде елимиздиң ең шетки аймақларында да жаңаша имканиятлар жаратылып, заманагөй басламалар турмысқа енгизилмекте.
Буның айқын мысалы сыпатында, Мойнақ районы орайында Бизнес процесслерин аутсорсинг етиў орайы (ВРО – Business Process Outsourcing) өз жумысын баслады.
Бул орайда сырт мәмлекетлердиң пуқараларының мүрәжатлары қабыл етилип, тийисли уйымларға жибериледи. Ең әҳмийетлиси, орай арқалы 10 жас турақлы жумыс орны менен тәмийинленди. Олар, мектеп питкериўшиси болыўына қарамастан, қолайлы ҳәм заманагөй мийнет шараятында нәтийжели жумыс алып бармақта.
Жас қәнигелер өзлериниң миннетдаршылықларын билдирип, мәмлекет басшысының ғамқорлығы ҳәм жаратылып атырған имканиятлардан қанаатланатуғынын атап өтпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги