Жаслар менен ислесиў системасы күшейтилмекте

Мойнақ районында “Бир нураный – он жасқа жуўапкер” атамасында таңлаў өткерилди. Оған ҳәр қыйлы шөлкемлерден жуўапкерлер, нураныйлар ҳәм жаслар қатнасты.
Өткерилген руўхый-ағартыўшылық илажда Нураныйлар қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Абдижаббаров, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Мойнақ районлық бөлиминиң баслығы Г.Тоқсанбаева, ӨзЛиДеПтен депутат А.Тлеуов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жасларға өзлериниң тәжирийбелеринен келип шығып баҳалы мәсләҳәтлерин берди.
Таңлаўдың тийкарғы мақсети – мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын және де күшейтиў, олардың тәрбиясында нураныйлардың тәжирийбеси ҳәм турмыслық сабақларынан кеңнен пайдаланыў, жасы үлкен инсанлардың жәмийеттеги орнын беккемлеўден ибарат.
Бул баслама Президенттиң жасларға байланыслы қарарларында белгиленген ўазыйпалардың әмелий орынланыўы сыпатында өткерилди. Таңлаў шеңберинде нураныйлар ҳәм жаслар арасындағы байланыслар беккемленди, ал мәҳәлле ҳәм шөлкемлер арасында жаңа бирге ислесиў бағдарлары қәлиплести.
Таңлаў нәтийжелерине бола Қызылжар АПЖдан А.Ешмаганбетов биринши, Дослық МПЖдан Қ.Қаллықоразов екинши, Мәдели АПЖдан Ж.Жапаров үшинши орынларды ийеледи.

Шынында да, бундай илажлар нураныйлардың турмыслық тәжирийбелерин жасларға жеткериў, оларды руўхый жақтан тәрбиялаўға хызмет етпекте.
Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги