«Ақмаңғыт» лы және бир шаңарақ қуўанышқа бөленди

Президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында халық ушын мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында» ғы қарары тийкарында республикамызда кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Усы қарар тийкарында Нөкис районында жәрдемге мүтәж пуқаралардың турақ жайларының төбесин шиферлаў, жасаў ушын жарамсызларын жаңадан қурыў жумыслары әмелге асырылмақта. Районға бекитилген Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен район халқының жасаў шараятын жақсылаў ҳәм кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем бериў арқалы оларға қолайлықлар жаратыў бойынша алып барылған жумыслар шеңберинде бир қатар унамлы нәтийжелер көзге тасланбақта.
-Кем тәмийинленген шаңарақ болғанлықтан жасап атырған жайымыздың төбесин шиферлай алмай атыр едик. Жаўын-шашынның ўақтында ишке өтип көп қыйналатуғын едик. Көп ўақыттан берли қыйнап киятырған усы машқаламыз унамлы шешилип, район ҳәкимлиги ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң қәўендерлиги менен жайымыздың төбеси шиферланып берилди. Бул ушын биз шаңарағымыз атынан Президентимизге ҳәм қәўендерлерге миннетдаршылығымызды биледиремиз,-дейди «Ақмаңғыт» посёлкалық пуқаралар жыйыны, «Абат мәҳәлле» көшеси турғыны Турсынай Көмекова.
Районда бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги