Нуранийлардың жасларға қай дәрежеде жуўапкер екенлиги сыналмақта

267

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 19-январьдағы “Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында” ғы  қарары қабыл етилди. Бул қарарды турмысқа енгизиў бойынша мәҳәллелерде жаслар менен ислесиў жақсы жолға қойылды.

Қарар тийкарында “Бир нураний–он жасқа жуўапкер”  таңлаўының Нөкис районлық басқышы болып өтти. Таңлаўға район бойынша жасларға устазлық етип киятырған нураныйлар арасынан  аймақлар басқышында жоқары орынларды ийелеген 6 нураний қатнасты.

Таңлаў барысында қатнасыўшылар үш басқыш бойынша өз-ара беллесип, жаслар тәрбиясындағы  көрсетип атырған руўхый ағартыўшылық тәжирийбелери бойынша мағлыўматлар берип өтти.



Таңлаў жуўмағында «Төктаў» мәкан пуқаралар жыйынынан Кеңесбай Розымбаев биринши орынды ийелеп, Республикалық басқышқа жоллама алды.

-Тез пәт пенен раўажланып баратырған интернет дәўиринде жаслардың тәрбиясына қатаң қарамасақ унамсыз жағдайларға алып келиўи мүмкин. Сонлықтан шаңарақта өз перзентлеримизге қоса қоңсы-қобаның, мәҳәлледе жасаўшы жаслардың тәрбиясына итибар менен қараўымыз лазым. Бул бағдарда барлық жасы үлкен нураныйларды бийпәрўа болмаўға шақыраман,-дейди К.Розымбаев.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар ҳәм ақшалай сыйлықланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги