Мақсет – экологиялық сана ҳәм мәдениятты жоқарылатыў

Өзбекстан Экологиялық партиясы тәрепинен жәрияланған “Экологиялық мәденият айлығы” шеңберинде Шымбай районындағы Абат мәкан мәкан пуқаралар жыйыны аймағында гезектеги абаданластырыў илажы шөлкемлестирилди.
Онда партияның Тақыятас, Беруний, Қараөзек ҳәм Шымбай районлық Кеңеслери, жергиликли мәкеме ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллери, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар қанатының белсендилери, сондай-ақ, аймақ турғынлары қатнасты.
Илаж даўамында аймақтағы жабайы шөп орылып, жерди тегислеў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Илаж “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбарының идеялары тийкарында шөлкемлестирилип, қоршаған орталықты қорғаў, санитариялық-гигиеналық мәдениятты үгит-нәсиятлаў ҳәм саламат турмыс тәризин кеңнен ғалаба ен жайдырыўға қаратылған.
“Экологиялық мәденият айлығы” даўамында усындай әмелий илажлар арқалы жәмийетте экологиялық сана ҳәм мәдениятты жоқарылатыў, пуқараларда жуўапкершилик сезимин қәлиплестириў мақсет етилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги