Женнифер Лопестиң концерти болып өтти (+видео)

Ташкент қаласындағы “Бунёдкор” стадионында америкалы белгили қосықшы Женнифер Лопестиң “Up All Night” атлы концерт бағдарламасы болып өтти.
Кино ҳәм музыка әлеминде бирдей айқын орны бар, ҳәр бир концерти мыңлаған аудиторияны жәмлейтуғын қосықшы Азиядағы өзиниң ең үлкен шоуын Өзбекстанда өткерди.
Белгили актриса ҳәм эстрада жулдызының 8-июльден 12-августқа шекем өткерилип атырған жәҳән гастролынан 13 мәмлекеттиң 20 қаласы орын алған. Олардың арасында Испания, Венгрия, Италия, Түркия, Польша, Румыния, БАӘ, Египет, Қазақстан, Армения сыяқлы мәмлекетлер бар.
Шөлкемлестириўшилердиң мәлим етиўинше, 25 мың билет сатылған. Қызықлы факт сонда, бул билетлердиң 15 мыңнан асламы, яғный 67 проценти сырт еллилер тәрепинен алынған. Соннан 7,5 мыңнан асламын россиялылар, 2,5 мыңнан асламын қазақстанлылар, сондай-ақ, Европа ҳәм басқа да мәмлекет пуқаралары сатып алған.
Атап өтиў керек, концерт ушын елимизге келип атырған пуқаралар саяхат етиўди де мақсет еткен ҳәм кеминде 4-6 күнлик тур пакетлер сатып алған. Ҳәзир туризм мәўсими емеслигин есапқа алсақ, жаздың ыссы күнлеринде туристлердиң бундай ағымы әлбетте жақсы көрсеткиш болып есапланады.
Беҳруз Худойбердиев, Искандар Исматов (видео), ӨзА