Шаңарақтағы турақлылық жаңаша психологиялық қатнаслар ҳәм нәтийжели илажларды талап етеди

137

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен шаңарақлық келиспеўшиликлер ҳәм шаңарақлық ажырасыўлардың алдын алыў, перзент тәрбиясына жуўапкершиликли қатнаста болыўда психологиялық хызметлерди жолға қойыў мәселелерине бағышланған сөйлесиў өткерилди.

Бас министрдиң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамова шаңарақлық ажырасыўлардың алдын алыў, шаңарақлық орталықтың саламатлығын тәмийинлеў бүгинги күнде әҳмийетли екенин атап өтти.

Мәжилисте келтирилген мағлыўматларға бола, шаңарақлық ажырасыўларға тийкарғы себеплер арасында үшинши шахстың араласыўы (15%), некеге таяр емеслик (14%), перзентсизлик (11%), миграция ҳәм узақ ўақыт бирге жасамаў (10%) сыяқлы факторлар атап өтилди.

Бундай кеўилсиз процесслерде 17 мың 13 бала әкесиз ямаса анасыз қалған. Ажырасыўлар санының артыўы жәмийеттеги турақлылыққа да үлкен қәўип туўдырып атырғаны атап өтилди.

Дөгерек сәўбети қатнасыўшылары тәрепинен бар машқалаларды шешиў, жәмийетте саламат ҳәм турақлы шаңарақларды қәлиплестириўге қаратылған бир қатар әҳмийетли илажлар белгилеп алынды. Ҳәр бир мәҳәлледе исенимли ҳәм нәтийжели психологиялық хызметлер системасын жолға қойыў, жасларды турмыс сынақларына таярлаў мақсетинде некеге таярлық курсларын кеңнен енгизиў зәрүрлигине итибар қаратылды.

Соның менен бирге, шаңарақларда келиспеўшилик ҳәм ажырасыўға бейим жағдайларды ерте анықлаў, психологиялық жәрдем ҳәм профилактикалық илажлар көриў, мектеплерде жумыс алып барып атырған психологлардың билим ҳәм шеберлигин арттырыў, методикалық қолланбалар жаратыў, ата-аналарды шаңарақлық қатнасық, перзент тәрбиясы ҳәм кеңпейиллик руўхында үгит-нәсиятлаў ҳәм түсиндириў жумыслары менен қамтып алыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, республика бойлап шөлкемлестирилген “Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар орайлары” арқалы бүгинги күнге шекем 10 мың 89 келиспеўшиликли шаңарақ жарастырылған, 10 мың 100 ҳаял руўхый қоллап-қуўатлаў ҳәм психологиялық жәрдем менен қамтып алынған. Бул көрсеткишлер психологиялық хызметлердиң қаншелли тәсиршең ҳәм турмыслық әҳмийетке ийе екенин айқын дәлиллеп тур.

Бүгин биз жәмийеттиң ең әҳмийетли үстини – шаңарақты сақлаў ҳәм беккемлеў ушын анық ҳәм нәтийжели илажлар көриўимиз зәрүр, – деди Зулайҳо Маҳкамова. – Ҳәр бир перзент саламат орталықта өсиўи, ҳәр бир ҳаял өзин қорғалған ҳәм қоллап-қуўатланған деп сезиўи керек. Бул бағдарда бәршемизден аўызбиршилик, қатнас жасаўда профессионаллық ҳәм ең әҳмийетлиси, жүректен сезинип жумыс ислеў талап етиледи.

Илаж жуўмағында тийисли министрликлер ҳәм уйымларға анық ўазыйпалар жүкленди. Республика көлеминде арнаўлы жумысшы топарларды дүзиў, ҳәр бир аймақта психологиялық хызметлердиң сапасын буннан былай да жақсылаў, шаңарақлық машқалаларға қатнас жасаўда илимий, әмелий ҳәм адамгершилик нормаларын кеңнен қолланыў бойынша әҳмийетли қарарлар қабыл етилди.

ӨзА