Трамп Армения ҳәм Әзербайжан басшылары менен ушырасады (+видео)

АҚШ Президенти Дональд Трамп 8-август, жума күни Ақ үйде Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев ҳәм Армения Бас министри Никол Пашинян менен ушырасады. Бул сөйлесиў Кавказ регионында турақлы тынышлық орнатыўға қаратылған әҳмийетли дипломатиялық ҳәрекет шеңберинде өтеди, деп хабар берди Euronews.
Армения ҳүкимети кеше Пашинянның АҚШқа рәсмий сапары ҳаққында мәлим етти: – 7-8-август күнлери Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян АҚШқа сапар етеди. Сапар шеңберинде ол Президент Дональд Трамп пенен еки тәреплеме ушырасыў өткерип, Армения – АҚШ стратегиялық бирге ислесиўин беккемлеў мәселесин додалайды. Сондай-ақ, Әзербайжан басшысы Илҳам Алиевтиң қатнасыўында үш тәреплеме сөйлесиў де өткериледи.
“The Washington Post” жазыўынша, Трамп бул ушырасыў арқалы Ереван ҳәм Баку арасындағы көп жыллық тартысты жуўмақлаў ҳәм тынышлық келисимине ерисиўди мақсет еткен. Түрли дәреклер ушырасыў жуўмағында тынышлық келисиминиң жәрияланыў итималы бар екенлигин атап өтпекте.
2024-жыл 13-март күни Армения Сыртқы ислер министрлиги тынышлық шәртнамасы жойбары Әзербайжан менен келисилгенин ҳәм Ереван ҳүжжетке қол қойыў ўақты ҳәм орны бойынша сөйлесиўге таяр екенин мәлим еткен еди.
Ҳәзирги ўақытта Әзербайжан СИМ баспасөз хаткери Ойхон Ҳожизода бул келисим бир неше шәртлер орынланған жағдайда әмелге асыўы мүмкин екенин айтқан. Мәселен, Армения Конституциясына усы ҳүжжетте сәўлеленген Әзербайжанға байланыслы аймақлық даўды бийкарлайтуғын өзгерис киргизилиўи керек. Буған жуўап ретинде, Пашинян келешекте жаңа Конституция қабыл етиў басламасы менен шығыўы мүмкин екенин билдирген. Және бир шәрт арқалы Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми жанындағы Минск топарын рәсмий бийкар етиў соралған. Баку бул структураны гөнерген, деп биледи. Ереван болса, өз гезегинде, буған мәмлекеттиң ишки жумысы сыпатында қарайды.
10-июль күни Алиев ҳәм Пашинян Абу-Дабиде 5 саат сөйлесиў өткерди. Сөйлесиў даўамында Зангезур коридоры – Арменияның Сюник ўәлаяты арқалы Әзербайжанның тийкарғы бөлегин Нахчивон Автоном Республикасы менен байланыстыратуғын транзит жолы тийкарғы мәселе сыпатында көтерилди. Ереван бул жолға руқсат бериўге таяр екенин билдирген ҳалда, жойбардың ҳуқықый статусы ҳәм жол қадағалаўы бойынша анық келисим талап етпекте.
Вашингтондағы ушырасыўлар усы мәселелерди қай дәрежеде шешетуғыны бир неше күн ишинде айқынласады.
Кенжа Бекжонов, Анвархўжа Аҳмедов (видео), ӨзА